“Басламалы бюджет” жойбары шеңберинде ишки көшелерге асфальт төселди

17

Қанлыкөл районындағы Арзымбетқум аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы бир қатар ишки көшелерде жол инфраструктурасын жақсылаў жумыслары табыслы жуўмақланды.

Соның ишинде, «Оқыўшылар» көшесиниң 541 метрлик, «Илимпазлар» көшесиниң 500 метрлик ҳәм «Нурлы» көшесиниң 751 метрлик бөлегине қара қапламалы асфальт төселди. Улыўма есапта 1 километр 792 метрлик жол жаңадан оңланды.

Бул қурылыс жумыслары Қанлыкөл районындағы Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик мәкемеси тәрепинен әмелге асырылып, бул жумысларға 5 арнаўлы техника ҳәм 12 жумысшы тартылды.

Бул жойбар “Басламалы бюджет” бағдарламасының 2025-жыл 2-мәўсиминде жеңимпаз деп табылған. Бүгинги күнде белгиленген жумыслар толық жуўмағына жеткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги