Өзбекстанда дәри-дәрмақлардың баҳасы 40-60 процентке шекем арзанлайды
27

2026-жыл 1-марттан баслап халық ушын дәри-дәрмақлардың баҳалары 40-60 процентке шекем төменлетиледи. Бул ҳаққында Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң рәсмий ўәкили мәлим етти.
Атап өтилиўинше, бул көрсеткишке 2 мың атамадағы импорт дәри-дәрмақларына референт баҳалар белгилениўи, дистрибюторлардың үстемелерин қысқартыў ҳәм тараўға 392 миллион доллар муғдарындағы (2,3 есеге көп) инвестициялардың тартылыўы арқалы ерисилген.
Сондай-ақ, жылдың ақырына шекем және 4 мың атамадағы дәри-дәрмақлардың баҳасын түсириў ҳәм жергиликли кәрханаларда технологиялар трансфери тийкарында импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги