Исеним кризиси ҳәм ҳаял-қызлар жетекшилиги: Саида Мирзиёева Абу-Дабидеги глобал форумда шығып сөйледи

12

Бүгин БАӘ пайтахтында Шейх Зоид атындағы “Инсаный дослық” халықаралық сыйлығын тапсырыў мәресими шеңберинде өткерилетуғын жоқары дәрежедеги глобаллық форумның ашылыў мәресими болып өтти.

“Инсаный дослық мәжилиси” деп аталған бул ири әнжуманда сырт еллердиң Биринши ханымлары, Нобель сыйлығының ийелери, БМШ агентликлери ҳәм жетекши халықаралық шөлкемлердиң басшылары, БАӘ ҳәм Буғаз мәмлекетлериниң жоқары мәртебели сиясатшылары, министрлер ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлер, сондай-ақ, технология ҳәм жасалма интеллект этикасы тараўындағы жетекши илимпазлардан ибарат 150 абырайлы мийман қатнасты.

Әҳмийетли тәрепи, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева Форумның “Ҳаял-қызлар жетекшилиги инсаный дослық орайында” атамасындағы 1-сессиясында шығып сөйледи.

Саида Мирзиёева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҳаял-қызлардың жетекшилиги ҳәм билим алыў ҳуқықын инсан қәдир-қымбатының тийкарғы өлшеми сыпатында қорғаў идеясын алға қойды. Баянатта Өзбекстанның бул бағдардағы табыслы реформалары мысалында, ҳаял-қызларды социаллық қорғаў тек ғана миллий раўажланыўға емес, ал пүткил регионда тынышлық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеўге хызмет ететуғыны ашып берилди.

“Өз-ара ҳүрмет пенен байымаған раўажланыў узаққа созылмайды. Күшли жәмийетлер тек ғана нызамларға емес, ал инсанлар арасындағы өз-ара исенимге де тийкарланады, исеним болса көбинесе ҳаял-қызлар арасындағы қатнасықлар ҳәм жетекшилик арқалы беккемленеди”, – деди Саида Мирзиёева.

Қарақалпақстан хабар агентлиги