Суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў бойынша презентация менен танысты.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген майданлар 2,6 миллион гектарға ямаса суўғарылатуғын жер майданларының 60 процентине жетти. Салыстырыў ушын, 2017-жылға шекем республикамызда суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген майданлар жәми 19 мың гектарды қурайтуғын еди. Бул жумыслардың нәтийжесинде ҳәр жылы 2,5 миллиард куб метр суўдың үнемлениўине ерисилмекте.
Бүгинги презентацияда бул бағдардағы жумыслардың көлемин және де кеңейтиў бойынша ислеп шығылған жаңа усыныслар көрип шығылды.
Соның ишинде, 2028-жылға шекем суўды үнемлейтуғын технологияларды 930 мың гектар жерде орнатып, бундай майданларды 3,5 миллион гектарға ямаса жәми суўғарылатуғын жерлердиң 80 процентине жеткериў режелестирилген. Нәтийжеде ҳәр жылы 3,5 миллиард куб метр суўды үнемлеў, 300 мың гектар жердиң суў тәмийнатын жақсылаў ҳәм тәкирарый егинлерди суўғарыў имканияты жаратылады. Нәтийжеде ҳәр жылы 3,5 миллиард куб метр суўды үнемлеў, 300 мың гектар жердиң суў тәмийнатын жақсылаў ҳәм тәкирарый егинлерди суўғарыў имканияты жаратылады.
Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў арқалы үнемленген суў ресурслары суў тәмийнаты аўыр аймақта жайласқан фермерлерге кепилликли жеткерип берилиўине тийкар жаратады.

Буның ушын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлери қолланылады.
Атап айтқанда, суў ресурслары ушын салық ставкасы ҳәм субсидиялардың муғдарын жер майданларының суў менен тәмийинленгенлик жағдайынан келип шығып белгилеў усыныс етилди. Мәселен, суў менен турақлы тәмийинленбеген аймақтағы суўғарылатуғын жер майданларында суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилгенде, ажыратылатуғын субсидияларға 1,25 арттырыўшы коэффициент қолланылған ҳалда есапланады.
Сондай-ақ, суўды үнемлейтуғын технологияларды банк кредитлерин алмастан өз қаржылары есабынан иске қосатуғын интакерлерге субсидия ажыратыўдың жаңа системасы енгизиледи. Онда тийисли жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ҳәм жойбарды әмелге асырыў бойынша тәмийнатшы кәрхана менен дүзилген шәртнама тийкарында субсидия қаржыларының 50 проценти Аграр тараўда төлемлер агентлиги тәрепинен алдыннан ажыратылады.
Енди собықлы дән егинлерин жетистириўде тамшылатып ҳәм дискрет суўғарыў технологиясы енгизилген майданлар ушын да субсидия бериледи.
Суўды үнемлейтуғын технологияларды сатып алыў ҳәм қурыў мақсетинде коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылған кредитлер бойынша процентлердиң бир бөлегин қаплап бериў жолға қойылады. Ғаўаша майданларында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў ушын кредит қаржылары ҳәр жылы ноябрь айынан баслап ажыратылады. Суўды үнемлейтуғын технологияларды қурған жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер ҳәр бир жойбарға кеминде 2 жыллық кепиллик мүддетин бериўи ҳәм 5 жыл даўамында сервис хызметлерин көрсетиўи мәжбүрий етип белгиленеди.

Тараўда мәмлекетлик қадағалаўды жетилистириў мәселелерине тоқтап өтилди.
Суў алыў орынларында суўды басқарыў ҳәм есабын жүргизиўди жетилистириў мақсетинде салы жетистирилетуғын ҳәм балықшылық хожалықлары шөлкемлестирилген жер майданларында “ақыллы” суў өлшеў ҳәм есаплаў қураллары орнатылады. Олар “Суў есабы” мәлимлеме системасына интеграцияланады.
Суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының аймақлық бөлимлеринде суўды үнемлеўши технологиялардың ҳәм суўдан пайдаланыўды мониторинг етиў бөлимлери шөлкемлестириледи. Исбилерменлик субъектлеринде инспекция тәрепинен өткерилетуғын тексериўлерди қаптал камералардан пайдаланған ҳалда әмелге асырыў тәртиби енгизиледи. Инспекцияға аўыл хожалығы егислик майданларында суўдан пайдаланыў ҳәм суў ысырапгершилигин мониторинг етиў мақсетинде дронлардан пайдаланыўға руқсат бериледи.

Соның менен бирге, орнатылған суўды үнемлейтуғын технологиялардан мақсетли пайдаланылыўы үстинен қадағалаўды күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Суўды үнемлеўши технологиялар енгизилген ҳәм субсидия ажыратылған жер майданларында бундай технологиялар ямаса олардың тийкарғы бөлеклерин қолланбастан, дәстүрий усылда суўғарыў суўдан өзбасымшалық пенен пайдаланыў деп баҳаланады.
Фермерлердиң суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў тараўындағы мәплериниң қорғалыўын күшейтиў мақсетинде “Сувхўжаликназорат” инспекциясы ҳәм оның аймақлық басқармалары тәрепинен суўды үнемлейтуғын технологияларды орнатыўға байланыслы мәселелер бойынша судларға шағым арзаларын киргизиўде мәмлекетлик бажыдан азат етиў усыныс етилди.
Тараўда кадрлар потенциалын арттырыў – әҳмийетли мәселе.
Презентацияда алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша кадрлар таярлаў және олардың маманлығын арттырыў бойынша режелер ҳаққында да мәлимлеме берилди. Соның ишинде, “Суўшылар мектеби” жойбары шеңберинде усы жылы 10 мың фермер хожалықларының хызметкерлериниң маманлығы арттырылады, 358 суў хожалығы хызметкери маманлығын арттырыў ушын сырт елге жибериледи.
ӨзА