«Ҳадаллық вакцинасын қәлиплестириў» – суд системасында әҳмийетли қәдем

24

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судында сиясий-ағартыўшылық сааты өткерилди.

Оған судья ҳәм суд аппараты хызметкерлери қатнасып, суд системасында хызмет этикасы, кәсиплик жуўапкершилик ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сиясий-ағартыўшылық сааты шеңберинде суд хызметкерлериниң әдеп-икрамлылық қағыйдалары, хызмет тәртиби ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўде үлкен әҳмийетке ийе болған “ҳадаллық вакцинасын қәлиплестириў” мәселелери бойынша баянатлар тыңланды. Бул түсиник суд системасында ислеп атырған ҳәр бир хызметкердиң санасына ҳадаллық ҳәм нызамлылық принциплерин беккем енгизиўге қаратылғаны менен әҳмийетли болды.

Сондай-ақ, илаж даўамында қатнасыўшылар арасында сораў-жуўаплар өткерилип, әмелий мысаллар арқалы коррупцияның унамсыз ақыбетлери, оның алдын алыўда жеке жуўапкершилик ҳәм ҳуқықый сананың орны кеңнен додаланды.

– Өткерилип атырған бундай ағартыўшылық илажлардың тәрбиялық жақтан жүдә әҳмийети жоқары, – дейди Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы Азат Иматов. –  Себеби, суд аппараты хызметкерлери келешекте судьялық лаўазымына талабан сыпатында қәлиплеседи. Соның ушын, олардың кәсиплик билимлери менен бирге, әдеп-икрамлылығы, ҳадаллық ҳәм әдилликке садықлығы да турақлы түрде беккемленип барылыўы тийис.

Қулласы өткерилген бул илаж суд системасында коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў, хызмет мәдениятын арттырыў ҳәм жәмәәтте саламат руўхый орталықты қәлиплестириўге хызмет етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги