Мийўе-овощ экспорты рекорд дәрежеге жетти

Аўыл хожалығы Өзбекстан экономикасының ең әҳмийетли тармақларынан бири. Әсиресе, мийўе-овощ өнимлерин жетистириў ҳәм экспорт етиў тараўында соңғы жылларда избе-из реформалар әмелге асырылып, сыртқы базарларға шығыў имканиятлары кеңеймекте.
Жергиликли өнимлердиң сапасы ҳәм бәсекиге шыдамлылығы артыўы нәтийжесинде Өзбекстан мийўе-овощлары жәҳән базарында барған сайын көбирек талапқа ийе болмақта. Усы көзқарастан, өткен 2025-жылы ерисилген экспорт көрсеткишлери мәмлекеттиң аграр потенциалының және бир айқын тастыйығы сыпатында көринди.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, өткен жылы Өзбекстан сыртқы базарларға баҳасы 2,1 миллиард АҚШ долларына тең болған 2,2 миллион тонна мийўе-овощ өнимлерин экспорт етти.
Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 36,9 процентке өскен болып, мәмлекеттиң улыўма экспортындағы үлеси 6,3 процентти қурады.
Экспорт етилген өнимлердиң қурамы мийўе ҳәм жемислер – 628,5 мың тонна, овощлар – 582,5 мың тонна, ғарбыз ҳәм қаўын – 233,6 мың тонна, мәш – 148,2 мың тонна және писте ҳәм ғозалар – 29,3 мың тоннадан ибарат.
Сондай-ақ, басқа түрдеги өнимлер – 540,5 мың тоннаны қурайды.
Бул нәтийжелер Өзбекстан аўыл хожалығы өнимлерине болған халықаралық талап избе-из артып баратырғанын көрсетеди.
Қәнигелердиң пикиринше, экспорт көлеминиң өсиўи аграр тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, логистика имканиятларының кеңейиўи ҳәм өним сапасының артқаны менен байланыслы. Усы тәризде, Өзбекстан мийўе-овощ экспорты бойынша халықаралық базарда өз орнын және де беккемлемекте.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА