Быйылғы егис ушын туқымлық шигитлерди таярлаў қалай әмелге асырылмақта?

24

Быйыл республикамыз бойынша 80 мың гектар майданға пахта егиў режелестирилген.

Соннан, сортлары бойынша «Султан» сортынан 24 мың 981, «С-4727» сортынан 8965, «Шымбай-5018» сортынан 1676, «Бухара-102» сортынан  700, «Равнақ-2» сортынан 135, «Равнақ-1» сортынан 372, «С-4728» сортынан 3678, «Меҳнат» сортынан 1030 ҳәм басқа да таза сортлардан 108 гектарлық жерге, жәми жергиликли сортлардан 41 мың 645 гектар жерге ҳәм Қытай  сортларынан 38 мың 355 гектар жерге  түксиз туқымлық шигит егиў режелестирилмекте.

– Районларда 2026-жылдың өними ушын жәми 6243 тонна туқымлық пахта жыйналған, – дейди “Туқымгершиликти раўажландырыў орайы” Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас қәнигеси Бердибек Наубеев. – Соннан алынатуғын туқымлық шигиттиң муғдары 3309 тоннаны қурайды.

1700 тонна шигитти түксизлендириў ҳәм дәрилеў режелестирилген болып, бүгинги күнде 1692 тонна шигит тазаланды. 369 шигитти түксизлендириў ҳәм дәрилеў жумыслары әмелге асырылды. Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар қызғын даўам етпекте.

Бүгинги күнде барлық пахта-тоқымашылық кластер кәрханаларында ҳәм басқа да субъектлерде жергиликли пахтаның сортларынан жыйналған туқымларды сайлап алыў, дәрилеў ҳәм қадақлаў үскенелери заманагөй лазерли фотосепараторлар менен үскенеленген. Түсизлендирилген ҳәм дәриленген шигитлер тек ғана «Амиробод жайрони» ҳәм «Аму сара уруғлари» ЖШЖ туқым таярлаў кәрханаларында қайта исленеди.

Республикамыздың 6 туқымгершилик фермер хожалығы тәрепинен биринши  репродукциялы туқым шигитин жетистириў, фермер хожалықларын сапалы туқым шигит пенен тәмийинлеў бойынша жумыслар алып барылмакта.

Соннан Төрткүл районындағы «Төрткүл элита туқымгершилик хожалығы» ЖШЖ, Әмиўдәрья районындағы  «Әмиўдәрья элита туқымгершилик хожалығы» ЖШЖ, «NÓKIS-VEST-SEEDS» ЖШЖға қараслы элита туқымгершилик хожалықлары ғаўашаның «Султан» сорты,  Елликқала районындағы «Амиробод Жайрони» ЖШЖ да ғаўашаның «Равнақ-1» сорты, Әмиўдәрья районындағы «Аму сара уруғлари»  ЖШЖ да ғаўашаның «Равнақ-2» сорты ҳәм Шымбай районындағы «Шымбай элита туқымгершилик хожалығы” ЖШЖ да «Шымбай-5018» ғаўаша сорты бойынша элиталық, биринши  репродукциялық туқым шигитин жетистириў, фермер хожалықларын сапалы туқым шигит пенен тәмийинлеў бойынша жумыслар алып барылмакта.

Соңғы жылларда республикамыздың топырағына ҳәм климатлық шараятына бейимлескен ерте писер, жоқары өнимли, дүнья базары талапларына жуўап беретуғын, кеселликлерге, зыянкеслерге ҳәм экстремаль шараятларға, суўсызлыққа  шыдамлы    пахтаның жаңа сортларын жаратыў бойынша да бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Қарақалпақстан Дийқаншылық илим-изертлеў институтының селекционер илимпазлары тәрепинен жаратылған пахтаның жаңа «КК-3535», «Шымбай-5060» сортлары институттың тәжирийбе хожалығында ҳәм Елликқала, Хожели, Шымбай  районларындағы сорт сынаў участкаларында егилип, сыналып ҳәм илимий жумыслар алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 18-марттағы «Аўыл хожалығы егинлериниң туқымгершилиги тараўында «E-urugʻ» мәлимлеме системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, усы жыл 15-январьдан 5-февральға шекем пахта ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын жетистириў ушын тендер таңлаўларын өткериўди шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилген.

Бүгинги күнде усы тендер таңлаўлары ушын «E-urugʻ» мәлимлеме системасында электрон таңлаўлар тийкарында аўыл хожалығы субъектлеринен арзалар қабыл етилмекте.

2026-жылдың зүрәәтинен туқымлық пахта жетистириў мақсетинде республикамыздың фермер хожалықлары арасында «E-urugʻ» мәлимлеме системасында тендер танлаўы өткерилип, 9600 гектарлық майданға туқымлық пахта шигилерин егиў режелестирилмекте.

Соның менен бирге, туқымгершиликти мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде туқым жетистириўши хожалықлар, селекционер илимпазлар ҳәм туқымгершиликке байланыслы жумыслар менен шуғылланыўшы субъектлердиң материаллық жақтан қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде 2026-жылдың зүрәәтинен баслап элита туқымлық пахтаны жетистириўшилерге 50 процент, биринши репродукциялы  туқымлық  пахта ушын 35 процент, екинши репродукциялы туқымлық  пахта ушын 25 процент, үшинши репродукциялы  туқымлық пахта ушын 15 процент пахта шийки затының баҳасына қосымша төлениўи белгиленди.

Бул бағдардағы илажлар қызғын даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги