Тәжирийбели шыпакерлер Қарақалпақстанда!

Усы жылдың 3-февраль сәнесинен баслап ҳәпте даўамында Ташкент қаласындағы Балалар миллий медицина орайынан бир топар тәжирийбели шыпакерлер Қарақалпақстанға келди.
Қәнигелер Қарақалпақстан медицина институты клиникасында барлық жастағы наўқасларды қабыл етип, бийпул медициналық тексериў ҳәм мәсләҳәтлер береди.
Саламатлық акциясы шеңберинде төмендеги бағдарлар бойынша наўқаслар қабылланбақта:
▪️ Кардиохирургия
▪️ Неврология
▪️ ЛОР
▪️ Балалар хирургиясы
▪️ Нейрохирургия
▪️ Балалар урологиясы
▪️ Балалар онкогематологиясы
▪️ Пластик хирург
Барлық көриклер бийпул шөлкемлестирилмекте.
Акцияның тийкарғы мақсети – қарақалпақстанлы наўқаслардың саламатлығын орнында тиклеў, узақ жол басып пайтахтқа барыў зәрүрлигин азайтыў ҳәм “узақты жақын етиў.”
Қарақалпақстан хабар агентлиги