Беруний районында «Басшы ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти

Беруний районы ҳәкими Икрам Хидиров ҳәм район басшылары жаслар менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда мәмлекетимизде соңғы жыллары жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты избе-из ҳәм нәтийжели алып барыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў, жаслар тараўындағы машқалаларға нәтийжели шешимлер ислеп шығыў бағдарында бир қатар реформалар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң сөзи менен айтқанда, кейинги жыллары жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың талант ҳәм потенциалын жүзеге шығарыўда “үлкен секириў дәўири” болды.
Бүгинги күнде Беруний районы халқының 54 мыңнан асламы жаслар болып есапланады. Олардың машқалаларын системалы үйрениў, жаслар менен турақлы байланыс орнатыў мақсетинде «Басшы ҳәм жаслар» ушырасыўлары турақлы түрде өткериледи. Мәҳәллелерде жумыс алып барып атырған 40 жаслар жетекшиси жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, жаслар арасында руўхый орталықты ҳәм дослықты беккемлеў, оларды ҳәр қыйлы спорт илажларына тартыўда белсендилик көрсетеди.
Ушырасыў ашық дөгерек сәўбети түринде болып, бир қатар мүрәжатлар орнында унамлы шешилди.



Қарақалпақстан хабар агентлиги