Пуқара авиациясын раўажландырыў илажлары көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев Наўайы халықаралық аэропорты жумысының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм авиация кәрханаларын трансформациялаў бойынша презентация менен танысты.
Наўайы халықаралық аэропортының тийкарғы көрсеткишлери 2025-жылы 2024-жылға салыстырғанда өскенине қарамастан, ҳаўа кемелерине хызмет көрсетиў, жолаўшы ҳәм жүк тасыў бойынша максимал қуўатлылықларынан толық пайдаланылмай атыр.
Сондай-ақ, аэропорт инфраструктурасы, техника парки, жүк ҳәм жолаўшы терминалларын модернизациялаў, жумыс процесслерин санластырыў зәрүр.
Презентацияда Наўайы халықаралық аэропортын жойбарлаў басқарыў принциплери тийкарында раўажландырыў усыныс етилди.
Аэропортты “Uzbekistan Airports” АЖның орайласқан оператив басқарыў системасынан ажыратқан ҳалда, оған жергиликли ҳәм сырт ел авиакомпаниялары менен жолаўшы ҳәм жүк тасыў, транзит және техникалық қоныўлар бойынша еркин сөйлесиўлер алып барыў және шәртнамалар дүзиў ҳуқықы бериледи.

Аэропорт дәраматларын оның инфраструктурасын модернизациялаў, жанылғы резервуарларын кеңейтиў, ҳаўа кемелерин оңлаў ҳәм бояў хызметлерин енгизиўге бағдарлаў арқалы авиация хызметлериниң экспортын арттырыў ўазыйпалары белгиленди.
Наўайы халықаралық аэропортын раўажландырыў бойынша ислеп шығылған бизнес реже ҳаққында мәлимлеме берилди. Оған бола, коммерциялық ҳәм авиациялық емес жумыс көрсеткишлери 50 процентке арттырылады, 25 тен аслам авиакомпаниялардың турақлы пәрўазлары жолға қойылып, қайта исленетуғын жүк көлеми 20 мың тоннадан арттырылады.
Аэропорт аймағында ҳаўа кемелерине техникалық ҳәм коммерциялық хызметлер көрсетиўге қәнигелескен “порто-франко” еркин бажыхана зонасын шөлкемлестириў усыныс етилди.
2029-жыл 1-январьға шекем ҳаўа кемелерине хызмет көрсетиў ушын алып келинетуғын арнаўлы техника ҳәм аўысық бөлеклер бажыхана төлемлеринен азат етиледи. Сондай-ақ, аймақтағы мийманхана аэропорттың қарамағына өткерилетуғыны белгиленди.
Презентацияда пуқаралық авиациясы кәрханаларын трансформациялаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Кәрханалар жумысының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм финанслық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде қәрежетлерди қысқартыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм тийкарғы жумыс түрине тән болмаған хызметлерди аутсорсингке өткериў бойынша комплексли илажлар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў, электр энергиясында ҳәрекетленетуғын арнаўлы транспорт қуралларынан пайдаланыў арқалы эксплуатациялық қәрежетлерди азайтыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

2026-жылдан баслап “Uzbekistan Airways” ҳәм “Uzbekistan Airports” акционерлик жәмийетлери тәрепинен тараўлық емес жумысты қаржыландырыў тоқтатылатуғыны белгиленди. “Uzbekistan Airports” жумысы 18, “Uzbekistan Airways” жумысы болса 16 тийкарғы ўазыйпа тийкарында әмелге асырылады.
Соның ишинде, кәрханаларда хызметлердиң сапасын арттырыў арқалы бәсекиге шыдамлылықты беккемлеў, хызмет ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасын есаплаўда оптимал методологияларды енгизиў, өндирис процесслериниң барлық басқышларын санластырыў, кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленди.
Трансформация шеңберинде шөлкемлестириўшилик структураларды қайта көрип шығыў, штат бирликлерин оптималластырыў, халықаралық кредит рейтинглерин арттырыў, IPOға шығыў ҳәм корпоратив халықаралық облигацияларды жайластырыў бойынша илажлар әмелге асырылады.
Мәжилисте авиация тараўында кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў мәселелери, соның ишинде, Пуқаралық авиация университети ҳәм оның жанында авиация техникумын шөлкемлестириў жумысларының барысы көрип шығылды.
Билимлендириў мәкемелери АҚШтың “Embry-Riddle”, Францияның “ENAC” сыяқлы жетекши халықаралық авиация билимлендириў орайлары менен биргеликте шөлкемлестириледи. Университетте борт бақлаўшысы, авиация техникасы бойынша қәнигелер ҳәм механиклер сыяқлы әмелий кәсиплер менен бирге ушыўшылық, инженерлик, ҳаўа ҳәрекети диспетчерлиги, басқарыў бойынша да кадрлар таярлаў ҳәм илимий бағдарламалар жолға қойылады.
Президентимиз усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
ӨзА