Елликқала районында «Саламатлық марафоны»на старт берилди

24

Елимизде ҳәр жылы халықтың денсаўлығын қорғаў ҳәм оларға әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде «Саламатлық марафоны» өткерилип келинбекте. Бул әҳмийетли илажды өткериўден баслы мақсет – халықтың саламатлығын беккемлеў, адамлар арасында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм алдын алыў, сондай-ақ, саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.

Быйылғы жылы Елликқала районында «Саламатлық марафоны» ғалабалық илажын 2-февральдан 28-февральға шекем өткериў белгиленген болып, күни кеше усы әҳмийетли илажға старт берилди.

Илаждың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары А.Асқаров, Елликқала районы ҳәкиминиң орынбасары А.Атаджанов, районлық медицина бирлеспесиниң басшылары, медицина хызметкерлери ҳәм тийисли шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Онда шығып сөйлеўшилер «Саламатлық марафоны»н өткериўдиң әҳмийетине ҳәр тәреплеме тоқтап өтти.

Соның ишинде, райондағы 7 шаңарақлық поликлиника ҳәм 6 шаңарақлық шыпакерлик пунктлеринде халық контингенти профилактикалық медициналық тексериўлерден ҳәм ғалабалық скрининг тексериўлеринен өткерилетуғыны белгиленди. Сондай-ақ, созылмалы кеселликлери бар болған наўқаслар республикамыздың жетекши қәнигелериниң көриўи ҳәм жоқары технологиялық операциялар ушын таңлап алынады.

– Көрсетпеге тийкарланып 11 түрдеги лабораториялық ҳәм 7 түрдеги инструменталлық тексериўлер, сондай-ақ, арнаўлы тар тараў қәнигелерине жибериў жумыслары системалы түрде әмелге асырылады, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Мәлимлеме хызмети бас қәнигеси Гүлзар Жумағулова. – Марафон ҳәптениң барлық күнлери, саат 09:00 ден 17:00 ге шекем әмелге асырылады.

Министрлик тәрепинен «Саламатлық марафоны» республикамыздың басқа аймақларында да өткерилиўи режелестирилген.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы