Жас қылышпазлардың үлкен жеңиси

Жиззақ ўәлаятында қылышласыў спортының сабля түри бойынша 13 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан жас спортшылар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести. Кескин беллесиўлерге толы болған жарыс соңында ул балалар арасында қарақалпақстанлы Илҳам Тилеўмуратов алтын, Қайыпберген Қәдирбаев қола, қызлар арасында Муҳаббат Қайратдинова алтын, Тумарис Жийенбаева гүмис ҳәм Элла Сейтмуратовалар қола медальларын қолға киргизиўге миясар болды.
Сондай-ақ, республикамыздың жас спортшылары командалық беллесиўлерде де өзлериниң аса шеберликлерин көрсетип, ул балалар арасында алтын ҳәм 2 қола, қызлар арасында алтын ҳәм қола медальларын жеңип алды.



Әлбетте, жас қылышпазларымыздың қолға киргизген бул табыслары олардың тынымсыз ислеген мийнетлери, беккем жигери ҳәм жеңиске деген исениминиң жемиси болып табылады.
Барлық жеңимпазлар, тренерлер ҳәм ата-аналарды бул үлкен жеңиси менен қызғын қутлықлаймыз!
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы