Социаллық-экономикалық реформалардың орынланыўы аймақларда үйренилди

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы “Адолат” СДП фракциясының ағзасы Нодира Рашидова Қарақалпақстан Республикасының бир қатар аймақларында болып, орынларда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, дөретиўшилик жумыслары ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған илажлардың орынланыўы менен танысты.
Дәслеп депутат Шымбай районында болып, район ҳәкими Айбек Тажетдинов пенен ушырасты. Сөйлесиў даўамында аймақты комплексли раўажландырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша пикир алысылды. Сондай-ақ, районда қурылып атырған турақ жайлар, социаллық тараў объектлери ҳәм инженерлик-коммуникация тармақларындағы қурылыс жумыслары көзден өткерилди.
Сапар етиў шеңберинде “Жаңа Өзбекстан” массивинде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, Ш.Рашидов көшесиндеги абаданластырыў жойбарлары және бир қатар социаллық-турмыслық объектлердиң жумысы үйренилди. Жойбарлардың орынланыўы, сапасы ҳәм халық ушын жаратып атырған қолайлықлар бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.
Әсиресе, аймақтың өндирислик потенциалы да айрықша итибар орайында болды. Атап айтқанда, “HD SONS” сырт ел кәрханасында болып, өндирис процесслери, кәрхана жумысы ҳәм жумысшылар ушын жаратылған мийнет шараятлары менен танысты. Кәрхана хызметкерлери менен сөйлесиў өткерилип, олардың пикир-усыныслары тыңланды.
Сондай-ақ, депутат Министрлер Кабинетиниң 173-санлы қарары тийкарында әмелге асырылып атырған халықты дизимге алыў процеси менен танысты. Бул жумыслар “Халықты дизимге алыў ҳаққында”ғы ҳәм “Рәсмий статистика ҳаққында”ғы нызамлар талаплары тийкарында алып барылып атырғаны атап өтилди.
Депутаттың гезектеги мәнзиллери Нөкис қаласындағы мәҳәллелер болды. Соның ишинде, «Қаттыағар» ҳәм «Байтерек» мәҳәллелериниң жумысы үйренилди. Мәҳәлле жетилиги ағзалары менен ушырасыўларда халық пенен мәнзилли ислесиў жағдайы, социаллық машқалалар, мәҳәлле системасының нәтийжелилигин арттырыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша пикир алысылды. Ушырасыўлар даўамында мәҳәлле жумысын шөлкемлестириўде жүзеге келип атырған машқалалар, оларды сапластырыў бойынша усыныслар тыңланды ҳәм жуўапкер шөлкемлер менен бирге ислесиўди күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, Кегейли районы “Жүзимбағ” АПЖ аймағындағы “Қазаяқлы-абат” аўылы турғынлары менен өткерилген ушырасыўда көтерилген ишимлик суўы мәселеси де депутат итибарында болды. Атап айтқанда, аўылда 60 қа шамалас хожалық болып, халық тәрепинен билдирилген мүрәжат бойынша район ҳәкими менен ушырасыў өткерилди. Машқаланы шешиў илажлары додаланып, халықты жақын мүддетте таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды. Бул мәселе депутатлық қадағалаўға алынды.




Улыўма алғанда, әмелге асырылған сапар етиўлер аймақлардағы реформалардың орынланыўын орнында үйрениў, халықтың мүрәжатларын тыңлаў, машқалаларға әмелий шешим табыў ҳәм парламентлик қадағалаўды күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги