Қызларымыздан мүнәсип нәтийже – жәҳән кубогинде гүмис медаль
8

Грузияның Тбилиси қаласында өткерилген қылышласыў спортының сабля түри бойынша жәҳән кубогы беллесиўлеринде Өзбекстан сайланды командасының қызлары жоқары нәтийже көрсетип, гүмис медальды қолға киргизди.
Финалға шекем болған беллесиўлерде сайланды командамыз Беларусьты 45:22, Польшаны 45:36, ярым финалда майдан ийелери есапланған Грузияны 45:41 есабында жеңип шығыўға еристи.
Ал, финал беллесиўинде болса, Россия сайланды командасына жеңилип, гүмис медаль ийесине айланды.
Сайланды командамыздың бул жеңисине Фернанда Эррера, Наргиза Утебаева, Аякөз Жумамуратова ҳәм Наргиза Жақсыбаевалар өзлериниң салмақлы үлесин қосты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги