Нызамды дурыс қолланыў – әдиллик кепиллиги

30

Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы С.Давлетмуратов басшылығында район прокуратурасы, ишки ислер бөлими ҳәм тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында әмелий семинар өткерилди.

Бул семинардың тийкарғы мақсети жынаят ислери бойынша тергеўдиң сапасын буннан былай да арттырыў, тергеў ҳәм суд процесслеринде әмелдеги нызамшылық нормаларын дурыс, анық ҳәм избе-из қолланыў, шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўдан ибарат. Соның менен бирге, ҳәр қандай нызам бузылыў жағдайларының алдын алыў, процессуал кемшиликлерге жол қоймаў ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятында бирден-бир көзқарасты қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өткерилген илаж даўамында жынаят ислерин тергеў ҳәм судта көрип шығыў процесслеринде ушырасып атырған айырым машқалалы тәреплер, әмелиятта бақланып атырған қәте-кемшиликлер додаланып, оларды сапластырыў бойынша анық усыныслар билдирилди. Сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалардың әҳмийети тараў хызметкерлерине ҳәр тәреплеме түсиндирилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2025-жыл 24-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2006-жыл 3-февральдағы «Судлар тәрепинен жынаят ушын жаза тайынлаў әмелияты ҳаққында»ғы 1-санлы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарарының мазмуны толық түсиндирилди. Бул қарар жаза тайынлаў әмелиятында әдиллик, нызамшылық ҳәм адамгершилик принциплерин және де беккемлеўге қаратылғанына тоқтап өтилди.

Семинар соңында қатнасыўшылар арасында ашықтан-ашық сөйлесиў өткерилип, әмелиятқа байланыслы сораўларға қәнигелер тәрепинен толық жуўаплар берилди. Бундай илажлар ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм судлар арасында бирге ислесиўди беккемлеў, жынаят ислерин көрип шығыўда нызам үстинлигин тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги