Материаллық емес мәдений мийрас: халықаралық дизимлерге таярлық процеси додалаўда

9

Мәденияттаныў ҳәм материаллық емес мәдений мийрас илимий-изертлеў институтында материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин илимий-әмелий тийкарда комплексли раўажландырыў, оларды халықаралық көлемде тән алыў ҳәм қорғаў мәселелерине байланыслы семинар болып өтти.

Тийисли шөлкемлер ҳәм илимий мәкемелер, тараў қәнигелери ҳәм әмелият ўәкиллери қатнасқан бул семинар Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарары ҳәм оған қосымша етилген режелерде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин ЮНЕСКО халықаралық дизимлерине усыныў процесин муўапықластырыўға қаратылды.

Семинарда бурын усыныс етилген “Кестешилик көркем өнери,” “Дәстүрий кийиз таярлаў,” “Алпамыс” дәстаны, “Гүрес,” “Бухара аяқ ойынлары” бойынша итималлы қосымша талаплар, усы жылдың март айында усынылыўы режелестирилген “Тақыя тигиўшилик дәстүрлери ҳәм тақыя кийиў мәденияты,” “Қарабайыр атларын күтиўге байланыслы дәстүрлер,” “Ер-турман соғыўға байланыслы дәстүрлер” кандидатураларын таярлаў процесиндеги илимий, ҳүжжетли ҳәм шөлкемлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Ушырасыўдан мақсет материаллық емес мәдений мийрасты тек ғана дизимлерге киргизиў менен шекленип қалмастан, ал оны заманагөй шараятта жасайтуғын етиў, илимий жақтан пуқта тийкарлаў, жергиликли жәмийетшиликлер менен тығыз байланыслы ҳалда раўажландырыў, жас әўладқа избе-из жеткериў бойынша өз-ара бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў болды.

Семинар жуўмағында қатнасыўшылардың пикир-усыныслары талабанларды және де жетилистириў, белгиленген мүддетлерде халықаралық көлемде мүнәсип усыныў жолында әҳмийетли әмелий тийкар болып хызмет ететуғыны атап өтилди.

Н.Усмонова, ӨзА