Халық разылығы – уллы мақсет: мәҳәлле ҳәм кәсиплик аўқамы бир мақсетке қарай

Бүгинги Өзбекстан Мәҳәллелер ассосациясы менен биргеликте Кәсиплик аўқамының бирге ислесиў бойынша дүзилген Меморандумы – шын мәнисиндеги тарийхый ўақыя болды.
Быйылғы жылдың Президентимиз тәрепинен «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы» деп белгилениўи мәҳәлле институтына деген айрықша итибардың көриниси болыўы менен бирге алдымызға үлкен жуўапкершиликти: халқымыз разылығы жолындағы тынбай излениўдей ўазыйпаны белгилеп берди.
Дүзилген меморандум бул ўазыйпалардың унамлы шешимин табыўға жақыннан жәрдемлесиўши ҳүжжет болды. Атап айтқанда, бизлер күнделикли жумысымыз барысында ҳаял-қызлар дәптери арқалы бирге ислесип келмектемиз. Соның ишинде, тоғыз статьядан ибарат меморандум арқалы 10 мәҳәллеге кәсиплик аўқамы тәрепинен бир ҳызметкер бекитилип, аймақ жетилиги менен бирге машқалаларды үйренип, социаллық жәрдемге мүтәжлик дәрежесиниң анықлаў ҳәм машқалаларын сапластырыўда және де бир шешим болды. Кәсиплик аўқамы менен бирге ҳаял-қызлардың машқалалары мәнзилли үйренилип, әмелий жәрдемлер көрсетилсе ҳәм күнделикли машқалалары бойынша биргеликте көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилип барылса ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиўде жаңа басқыш болады. Бул бизиң ҳаял-қызларымызға деген ҳүрмет пенен бирге ҳаял-қызларымыздың разылығы жолында әмелге асырылған ийгликли ислердиң айқын көриниси болып табылады.
Себеби, халқымыз «ҳаял разы болған үйде, берекет болады»,- деп бийкарға айтылмаған.
Ҳүрметли Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжатында мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў ҳәм ҳәр бир мәҳәллеге жаңа Өзбекстан келбетин алып кириўдей ўазыйпа алып кириў белгилеп берилди. Өзбекстан мәҳәллелер ассосациясы менен биргеликте кәсиплик аўқамының бирге ислесиў бойынша дүзилген Меморандумында да усы мәселелер баслы орынды ийелейди ҳәм бул ўазыйпаларды сезинген ҳалда бизлер мәҳәлле хызметкерлери халқымыз разылығы ҳәм абадан турмысы жолында бар күшимизди ҳәм билимимизди аямай хызмет етемиз деп исендиремиз.
Ф.Палванова,
Шымбай районы Бердақ МПЖ баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги