Шахмат дүньясының ең абырайлы жарысларынан бири болған «Tata Steel Chess 2026» халықаралық турниринде 9 очко топлаған Нодирбек Абдусатторов жарыс жеңимпазы болды ҳәм усы абырайлы беллесиўлер тарийхында чемпионлықты қолға киргизген биринши өзбек шахматшысы болды
15

Соның менен бирге, және бир ўәкилимиз Жавоҳир Синдаров 8,5 упай менен жарысты жеңилиске ушырамай жуўмақлап, екинши орынды ийеледи.
Бул нәтийжелер шахматшыларымыздың жәҳән рейтингиндеги орынларын кескин жоқарылатып жиберди. Атап айтқанда, Нодирбек Абдусатторов өз рейтингин 19,5 пунктке арттырып, 2770 балл менен дүньяның ең күшли бес шахматшысы қатарынан орын алды. Жавоҳир Синдаров болса 19,4 қосымша очко топлаған ҳалда 2745 рейтинг пенен дүнья рейтингинде 11-орынға көтерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги