Өзбек дөретиўшисиниң шығармасы халықаралық майданда

8

Кембридждеги “Pegasus Elliot Mackenzie” баспасы Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жазыўшы ҳәм шайыр Шаҳодат Исахонованың Бибиханым ҳаққындағы “Туран маликасы”  (“Queen of Turan”) шығармасын дүнья жүзи бойлап қабыл етилген жүзлеген шығармалар арасынан таңлап алып, басып шығарды.

Жақында китап баспа веб-сайтында пайда болды, социаллық тармақларда да жәрияланды. Жазыўшы менен дүзилген рәсмий шәртнамада автор интервьюлары, китапқа қол қойыў мәресимлери ҳәм халықаралық әдебий таңлаўларға усыныслар да бар. Аўдармашы – Асрар Аллаяров.

Айтып өтиў керек, устаз жазыўшы Шаҳодат Исаханованың дөретиўшилигинде тарийхый темаларға мүрәжат етиў үстин орын ийелейди.

Дөретиўши “Әжайып зыяпат,” “Туран маликасы,” “Қырқ өримли келиншек,” “Султан Жалалиддин ямаса Шыңғысхан дузағына түскен мәлика,” “Бибиханым,” “Заветное желание,” “Ләйлеклер,” “Нодираи дәўран” сыяқлы көплеген роман, повесть ҳәм гүрриңлердиң авторы болып есапланады.

Шаҳодат Исаханова қәлемине тийисли “Өлен,” “Султан Жалолиддин Мангуберди,” “Бибиханым,” “Танаўар” сыяқлы бир қанша драмалар елимиз театрлары тәрепинен сахналастырылған.

Устаз жазыўшының шығармалары әдебият ықласбентлери тәрепинен үлкен итибар ҳәм қызығыўшылық пенен оқылады.

Н.Усмонова, ӨзА