«Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниӊ келешектеги тийкарғы ўазыйпалары көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетиниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў мәселелери бойынша презентация менен танысты.
Мәмлекетимизде энергетика қәўипсизлигин беккемлеў, энергия ресурслары, соның ишинде, тәбийғый газге болған ишки талапты турақлы қанаатландырыў және экономика тармақларын үзликсиз тәмийинлеў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, экономика ҳәм халықтың тәбийғый газге болған талабының артып баратырғаны жаңа резервлерди анықлаў, бар кәнлердиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жаңаларын иске қосыўды талап етпекте.
Усы мүнәсибет пенен “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетиниң алдына тараўда нәтийжелиликти түпкиликли арттырыў ҳәм заманагөй көзқарасларды енгизиў ўазыйпалары қойылған.

Атап өтилгениндей, 2025-жылы жәмийет кәрханалары тәрепинен 25,2 миллиард куб метр тәбийғый газ қазып шығарылып, 56 жаңа қудық бурғыланды, 29 қудық толық оңланды.
2026-2027-жылларда тәбийғый газ шығарыў көлемин турақлы дәрежеде тәмийинлеў, 300 ден аслам геологиялық-техникалық илажларды әмелге асырыў режелестирилген.
Презентацияда буның ушын әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Соның ишинде, геологиялық-излеў ҳәм геологиялық-техникалық илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, резервлерди көбейтиў ҳәм қазып шығарыў көлемлериниң турақлылығын тәмийинлеў, сатып алыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириўге айрықша итибар қаратылады.

Сондай-ақ, газди терең қайта ислеў арқалы қосымша қун шынжырын жаратыў, импорттың орнын басатуғын экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыў, жәмийет ҳәм оның кәрханаларын финанслық саламатландырыў илажлары көриледи.
Компания жумысында операциялық нәтийжелиликти арттырыў, атап айтқанда, тараўға байланыслы болмаған активлерди бийкар етиў, қәўендерлик төлемлерин тоқтатыў ҳәм қәрежетлерди оптималластырыў арқалы финанслық турақлылықты тәмийинлеўге тийкарғы әҳмийет қаратылатуғыны атап өтилди.
Өндирис процесслерин санластырыў, тараўда жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиў, сондай-ақ, ишки қадағалаў ҳәм комплаенс системасын күшейтиў, финанслық активлердиң ҳәрекетин қадағалаў, коррупция ҳәм мәплер соқлығысыўының алдын алыў мәселелери жәмийет жумысының әҳмийетли тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы бул ўазыйпалар ҳәм режелестирилген барлық илажлардың орынланыўын анық есап-санақ, қатаң тәртип ҳәм жеке жуўапкершилик тийкарында тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Презентацияда геология-излеў жумысларын алып барыў процесинде, соның ишинде, Сурхандәрья ўәлаятында атап өтилген техноген жағдайларға да тоқтап өтилди. Бундай жағдайлар жаңа перспективалы майданларды излеў, қудықларды терең бурғылаў ҳәм геологиялық қатламларды үйрениў процесслериниң тәбийғый қурамлық бөлеги болып, олар дүнья әмелиятында да көп ушырасып турады. Елимизде бундай жағдайларда тийисли илажлар көрилип атырғаны атап өтилди.
Президентимиз жуўапкерлерге геологиялық изертлеўлер алып барылып атырған аймақларда турақлы мониторингти күшейтиў, заманагөй қадағалаў технологияларын енгизиў және халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратыў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА