Белсендилик итибардан шетте қалмады: Қараөзекте жеңимпаз сыйлықланды

16

Ҳәммемизге мәлим болғанындай 15 –январьда мәмлекетимизде халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажлары рәсмий түрде басланды. Бул әҳмийетли илажға республикамыздың барлық аймақларында пуқта таярлықлар көрилип, арнаўлы дүзилген жумысшы топарлар тәрепинен белгиленген ис-реже тийкарында жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, усы процесс шеңберинде Миллий статистика комитети тәрепинен онлайн сораўнаманы дурыс ҳәм толық толтырған пуқаралар арасында тосыннан таңлаў (random) тийкарында сыйлық таңлаўы өткерилмекте.

Таңлаў нәтийжелерине бола, Қараөзек районы Қараөзек аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Пәрўаз Мамбетниязова жеңимпаз деп табылып, планшет ҳәм басқа да естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Жеңимпазды сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы баслығы Т.Ғаниев ҳәм район ҳәкиминиң биринши орынбасары Б.Аяпбергеновлар қатнасып, Пәрўаз Мамбетниязоваға бул әҳмийетли илажда белсендилик көрсеткени ушын өз миннетдаршылықларын билдирди.

Илаж жуўмағында жуўапкер тараў ўәкиллерине халық арасында дизимге алыў процесиндеги белсендиликти және де арттырыў, мағлыўматларды анық ҳәм жуўапкершилик пенен толтырыў бойынша тийисли көрсетплер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги