Мәртлик ҳәм шеберлик нәтийжеси: Актенге Кеунимжаеваның жаңа табысы

14

29-январь —1-февраль күнлери Россияның Красноярск қаласында еркин гүрес бойынша “Ivan Yarygin Cup” халықаралық турнири болып өтти.

Жарысқа жер жүзиниң 21 мәмлекетинен 496 спортшы қатнасып, ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында өз салмақ категориялары бойынша жеңимпазлық ушын беллести.

Кескин беллесиўлерге бай болған жарыста Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы атынан 6 салмақ категориясы бойынша 10 палўан қыз қатнасты ҳәм кубок жеңимпазы болыў ушын өз қарсыласлары менен гүрести.

Солар арасында 50 кг салмақ категориясында гүреске түскен Олимпиада ойынларының қатнасыўшысы, Азия чемпионаты ҳәм Азия ойынларының қола медал ийеси, Ислам тилеклеслик ойынларының жеңимпазы Актенге Кеўнимжаева қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Қола медалы ушын беллесиўде ол беларуслы Светлана Катенканы жеңип шығыўға еристи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги