Өзбекстанда электрон хызметлер көрсетиўши сырт ел компаниялары жәми 181,3 миллиард сум салық төледи

13

 

Бүгинги күнде санлы хызметлер тек ғана турмысымызға кирип киятырған емес, ал экономикада да әҳмийетли роль атқармақта. Өзбекстанда электрон хызметлер көрсетиўши сырт ел компаниялары тәрепинен төленген салықлар 2025-жылы 181,3 миллиард сумға жетти, бул болса өткен жылға салыстырғанда 50 процентке көп. Бул санлар санластырыў сиясатының нәтийжели орынланып атырғанын ҳәм мәмлекетлик бюджеттиң турақлы болыўында усы сектордың әҳмийетин айқын көрсетеди.

 Салық комитетиниң мәлим етиўинше, 2025-жылы Өзбекстанда электрон хызметлер көрсетиўши 78 сырт ел компаниясы жәми 181,3 миллиард сум салық төледи, бул 2024-жылға салыстырғанда 50 процентке көп түсим дегени. Бул санлар санластырыў стратегиясының нәтийжелилигин, салық төлеўшилердиң кеңейиўин ҳәм санлы экономиканың жедел раўажланып атырғанын ашық көрсетпекте.

Бүгинги күнде санластырыў тек ғана хызметлердиң сапасын ҳәм қолайлығын арттырыў емес, ал салық түсимлерин турақластырыў ҳәм инновациялық экономиканы жүзеге шығарыўда әҳмийетли факторға айланған.

Бүгинги күнде дүньяның жетекши технологиялық компаниялары Өзбекстан базарында жумыс алып бармақта ҳәм өз хызметлерин миллионлаған пайдаланыўшыларға жеткермекте.

2025-жылы ең көп салық төлеген 10 электрон хызметлер көрсетиўши сырт ел компаниясы: Apple (49,5 млрд.), Meta (49,0 млрд.), Google (44,4 млрд.), OpenAI 11,7 (млрд.), Booking.com (4,3 млрд.), TikTok (3,5 млрд.), Netflix (1,8 млрд.), Acca (1,6 млрд.), Xsolla (1,5 млрд.),  Amazon (1,4 млрд.) сум салық төлегенин атап өтиў керек.

Бул компаниялар тек ғана пайдаланыўшылар саны бойынша ири емес, ал салық төлеўшилерге болған мүнәсибетти дурыс жолға қойған жетекши болып есапланады. Олардан айырымлары миллионлаған пайдаланыўшыларға хызмет көрсетеди, басқалары болса Өзбекстан базарында инновациялық технологияларды енгизиўде үстин роль атқарады.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 281-статьясына муўапық, электрон хызметлер көрсетиўши сырт елли юридикалық тәреплер, өткен шеректен кейинги айдың 20 күнине шекем салық есабатларын тапсырыўы, салықларды төлеўи мәжбүрий етип белгиленген. Бул тәртип салық түсимлерин өз ўақтында қамтып алыў ҳәм бюджетти турақластырыўға хызмет етеди. Соның менен бирге, сырт елли компаниялар Өзбекстанда турақлы ўәкилханаға ийе болмаса да, электрон хызметлер арқалы түскен дәраматлар салық қадағалаўы астында услап қалынады. Бул болса халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын салық системасын қәлиплестиреди.

Және бир мағлыўмат, 2025-жылы салық түсимлери 2024-жылға салыстырғанда 50 процентке өсти. Бул көрсеткиш бир неше фактор менен түсиндириледи. Соның ишинде, Өзбекстан халқы интернеттен белсене пайдаланады, санлы хызметлерге талап артпақта. Бул болса хызмет көрсетиўши компаниялардың дәраматларын арттырады. Салық кодекси ҳәм басқа да нормативлик ҳүжжетлер арқалы салық төлеўшилердиң анық миннетлемелери белгиленген. Электрон салық есабатларын қабыл етиў ҳәм мониторинг системалары модернизацияланбақта, салық түсимлерин анықлаў аңсатласты. Нәтийжеде алынып атырған түсимлер тек ғана өспекте емес, ал тәртипли, ашық-айдын жол менен қапланбақта.

2025-жылы электрон хызметлер бойынша салық түсимлериниң сезилерли дәрежеде өсиўи санлы экономиканың беккем тийкарына айланғанын көрсетеди. Бундай процесслер санлы хызметлерге болған талапты қанаатландырыўда, салық түсимлерин көбейтиўде, жоқары технологияларды енгизиўде, халықаралық компанияларды Өзбекстан базарына тартыўда нәтийжелиликти арттырады. Келешекте бул тенденциялар және де беккемленеди ҳәм салық сиясатлары, технологиялық базалар ҳәм халықаралық бирге ислесиў арқалы Өзбекстан глобаллық санлы экономикаға және де раўажланыўына хызмет етеди.

Шаҳноза Маматуропова, ӨзА