Нәшебентлик затлар анықланды

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими, МҚХ, Ишки ислер ҳәм Миллий гвардия хызметкерлери менен биргеликте әмелге асырылған оператив илаж нәтийжесинде шама менен салмағы 1,14 грамм болған “опий” ҳәм 17,83 грамм болған “гашиш” нәшебентлик затлар анықланды.
Алдын ала алынған оператив мағлыўмат тийкарында Хорезм ўәлаяты Топыраққала районында нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў мақсетинде оператив илаж өткерилди.
Оператив илаж даўамында, “Ташкент-Нөкис” жөнелисинде ҳәрекетленип киятырған Өзбекстан Республикасы пуқарасы басқарыўындағы “ISUZU” маркалы автотранспорт қуралы А-380 автомагистраль жолының Топыраққала районы аймағындағы үлкен жол бойында тоқтатылып көзден өткерилди.
Нәтийжеде бул пуқараның кийиминиң қалтасында шырпы қутысына жасырылған, реңсиз селлофан пакетке оралған, шама менен салмағы 1,14 грамм болған “опий” нәшебентлик затына уқсас затлар бар екенлиги анықланып, кейин тексерип көриў ушын ўақтынша сақлаўға алынды.


Және бир оператив жағдайда, алдыннан бақлаўға алынған Өзбекстан Республикасы пуқарасы Нөкис қаласы “Таза базар” аймағында ҳәрекетленип киятырған ўақтында тоқтатылып, гүўалардың қатнасыўында көзден өткерилгенде, пуқараның кийиминиң қалтасында 1 дана реңсиз целлофан пакетке оралған, орамы менен шама менен салмағы 17,83 грамм болған “гашиш” нәшебентлик затына уқсас затлар бар екенлиги анықланды.
Тайынланған экспертиза жуўмақларына бола усы затлар нәшебентлик затлар екенлиги тастыйықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги