Өзбекстанға байланыслы китаплар дүньяның биринши санлы жоқары билимлендириў мәкемесиниң орайлық китапханасынан орын алды

14

University of Business and Science (UBS) тәрепинен әмелге асырылған тарийхый баслама нәтийжесинде Өзбекстанның бай тарийхы, материаллық ҳәм руўхый мийрасы және соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформаларды өз ишине алған китаплар топламы Америка Қурама Штатларында жайласқан дүньяның биринши санлы жоқары билимлендириў мәкемеси – Массачусетс технология институты (MIT) ның орайлық Хайден китапханасы фондына қабыл етилди.

Күни кеше АҚШтың Бостон қаласында бул китаплар топламы MIT китапханасы директоры Крис Бурға рәсмий түрде тапсырылды.

Топлам 120 дан аслам илимий, тарийхый ҳәм әдебий шығармаларды қамтып алған. Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң шығармалары, Жаңа Өзбекстан тарийхы, мәдений мийрас ҳәм тарийхый естеликлер, классикалық әдебият ҳәм суфизм мийрасы, жадидшилик ҳәрекети, миллий ояныў дәўири ҳәм XX әсир өзбек әдебиятына байланыслы фундаментал дереклер орын алған.

Бул басламадан гөзленген тийкарғы мақсет – өзбек халқының үш мың жыллық даңқлы тарийхы, бай руўхый-ағартыўшылық мийрасы, миллий-этникалық тийкарлары ҳәм қәдириятларын, сондай-ақ, соңғы жылларда Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды халықаралық академиялық жәмийетшиликке кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Енди MIT орайлық китапханасының пайдаланыўшылары – жетекши илимпазлар, изертлеўшилер ҳәм студентлер Жаңа Өзбекстан тарийхы ҳәм мәденияты бойынша биринши мәрте комплексли, исенимли ҳәм терең дереклер тийкарында илимий излениўлер алып барыў имканиятына ие болды.

Бул баслама UBS университетиниң халықаралық илимий-мәдений бирге ислесиўди раўажландырыў, миллий мийрасты глобаллық илимий мәканға алып шығыўға қаратылған стратегиялық мақсетлерине толық сәйкес келеди ҳәм жоқары оқыў орны тарийхында әҳмийетли ўақыя сыпатында тән алынбақта.

Атап өтилиўинше, MIT китапханасы фондына әдебиятлар қатаң академиялық өлшемлер тийкарында таңлап алынады. “Жаңа Өзбекстан” китаплар топламының усы абырайлы мәкеме китапханасынан орын алыўы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың халықаралық көлемде тән алынып атырғанынан дерек береди.

Сондай-ақ, дүньяның жетекши жоқары билимлендириў мәкемесиниң орайлық китапханасында “Өзбек китаплары топламы мүйеши” (Uzbek Books Collection Corner) шөлкемлестирилип, барлық топламлар усы орынға жайластырылады.

 

Моҳигул Қосимова, ӨзА