Халықаралық басқарыў форумы: жаслар потенциалы ҳәм санлы экономика мәселелери додаланды

26

Бүгин Ташкент қаласындағы “IT Park Uzbekistan” конгресс-орайында “30 жаслылар дәўири” темасындағы бесинши халықаралық басқарыў форумының екинши күн илажлары болып өтпекте.

Халықаралық форум мәмлекетлик уйымлар, жеке меншик сектор, халықаралық экспертлер ҳәм жас қәнигелерди бир майданға жәмлегенин атап өтиў керек.

Онда шығып сөйлегенлер мәмлекетимиздиң раўажланыўында жаслардың потенциалын арттырыў, билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, санлы көнликпелерди раўажландырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларынан экономика ҳәм жәмийет мәплери жолында нәтийжели пайдаланыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Атап өтилгениндей, 2026-жыл Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен “Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы” деп жәрияланған болып, бул болса мәҳәллелерди экономикалық ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, жасларды жәмийетлик турмысқа кеңнен тартыўға қаратылған стратегиялық бағдар болып есапланады.

Усы көзқарастан, форум жаслардың жәмийеттеги белсенди ролин беккемлеў, санлы экономиканы раўажландырыў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жуўапкершиликли бизнес принциплерин алға қойыў ушын әҳмийетли сөйлесиў майданы ўазыйпасын атқарады. Форумнан гөзленген тийкарғы мақсет Жаңа Өзбекстанның раўажланыўы жолында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олар менен ашық ҳәм системалы сөйлесиўди жолға қойыўдан ибарат.

Илажда билимлендириў ҳәм заманагөй көнликпелер жаслардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўда шешиўши фактор екени атап өтилди. Әсиресе, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўындағы билимлер мийнет базарында талап жоқары болған бағдарлардан бири сыпатында баҳаланды. Усы мүнәсибет пенен форумда санлы көнликпелер, жасалма интеллект технологиялары ҳәм мәлимлеме технологиялары хызметлериниң экспорты экономика структурасын жаңалаў ҳәм оның турақлы өсиўин тәмийинлеўде әҳмийетли күш екени атап өтилди.

– Бул илаждың тийкарғы идеясы жас әўладта еркин пикирлеў, жуўапкершиликли қарар қабыл етиў ҳәм жәмийет алдындағы парызын түсиниўге, мәдениятын қәлиплестириўге қаратылған. Шаңарақ, мәҳәлле ҳәм жумыс орнында қәлиплесетуғын социаллық қатнасықлар келешекте жаслардың пуқаралық позициясына тиккелей тәсир көрсетеди. Сондай-ақ, форум заманагөй корпоратив мәдениятты раўажландырыў, жумыс бериўшилер ҳәм жас қәнигелер арасында өз-ара исенимди беккемлеўге хызмет ететуғын платформа сыпатында шөлкемлестирилди, – деди Халықаралық басқарыў форумы шөлкемлестириў комитетиниң баслығы Тимур Ядгаров.

Еслетип өтемиз, “30 жаслылар дәўири” темасындағы бесинши Халықаралық басқарыў форумы бүгин өз жумысын жуўмақлайды.

Насиба Зиёдуллаева, 

Носиржон Ҳайдаров (фото), ӨзА