YouTube жасалма интеллектке қарсы “тазалаў”ды баслады

YouTube жасалма интеллект жәрдеминде жаратылған төмен сапалы контентти өшириўди баслады. Платформадағы еки ири канал әне усы себеп пенен жоғалған, деп хабар берди The Verge.
Видеоларды монтажлаў хызмети – Kapwing есабатына бола, YouTube 5,9 миллион аудиторияға ийе CuentosFacianantes каналын өширип жиберген. Бул каналдағы видеолардың улыўма көриўлер саны 1,2 миллиардқа жеткен еди. Сондай-ақ, 5,8 миллионнан аслам аудиторияға ийе Imperio de Jesus каналы да енди платформада жоқ.
Каналларды тазалаў процеси YouTube бас директоры Нил Моҳан сапасыз ЖИ-контент көбейип кеткенинен қәўетерленгенинен соң жеделлести. Ол пайдаланыўшыларға жоллаған мүрәжатында видеохостинг ЖИ-слоп (жасалма интеллектте таярланған сапасыз ҳәм мазмунсыз санлы контент) тарқалыўын азайтыў және спам ҳәм кликбейтке қарсы гүресиў системаларын жетилистириўге ўәде берген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги