Қоңыратбай Шарипов: қоспа билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша келисимге еристик (+видео)

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Түркияға рәсмий сапары шеңберинде көп тәреплеме шерикликтиң ҳәр қыйлы бағдарларын қамтып алыўшы еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойылды.
Олардың арасында Өзбекстан ҳәм Түркия арасында билимлендириў тараўын раўажландырыўға байланыслы келисим де бар. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов сапар шеңберинде әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылғанын, сондай-ақ, Түркия Жоқары билимлендириў кеңесиниң баслығы менен ушырасыўлар шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтеди.
– Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўында да бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды. Соның ишинде, бүгинги күнде ең әҳмийетли бағдарлардан бири – машина қурылысы тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў, тоқымашылық бойынша имканиятларды кеңейтиў мақсетинде Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институты және Түркияның Эге ҳәм Стамбул техника университетлери менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди, – деди министр.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
Анвархўжа АҲМЕДОВ (видео), ӨзА