Биринши Президенттиң естелигине ҳүрмет

18

Президент Шавкат Мирзиёев 30-январь күни Ташкент қаласында Ислам Кәримовтың естелигине гүл қойды.

Тарийхый естелик – миллет келешегиниң беккем тийкары. Өзбекстанның ғәрезсиз мәмлекет сыпатында қәлиплесиўи, мәмлекетшилик тийкарларының қурылыўында Биринши Президент Ислам Кәримовтың хызметлери шексиз екени терең ҳүрмет ҳәм тән алыныў менен еске алынады.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ҳәм итибары менен Биринши Президенттиң естелиги мәңгилестирилди, Самарқандта оның мақбарасы қурылды. Ислам Кәримов туўылған 30-январь сәнесин белгилеў жақсы дәстүрге айланды.

Мәресим даўамында Қуран оқылып, пәтия етилди. Биринши Президенттиң Ўатан мәплери жолындағы жумысы, адамгершилик пазыйлетлери еске алынды.

Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексинде болып өткен мәресимде Олий Мажлис палаталары, Президент Администрациясы ҳәм ҳүкимет ўәкиллери, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Сондай-ақ, Биринши Президенттиң Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларындағы естеликлерине де гүллер қойылып, естелигине ҳүрмет көрсетилди.