Дүньяда жүз берип атырған ең әҳмийетли ўақыяларға қысқаша шолыў

21

Иран АҚШтың қәўиплерине кескин жуўап бериўге таяр

АҚШ президенти Дональд Трамптың қәўип туўдырыўшы баянатларынан соң Иран Сыртқы ислер министрлиги итималлы ҳүжимге “дәрҳал ҳәм күшли” жуўап қайтарылатуғынын билдирди. Рәсмий Тегеран дипломатиялық жоллар ашық екенин айтқан болса да, суверенитетке қол урыўға қатаң қарсылық болатуғыны атап өтилди.

Имран Ханның денсаўлығы қәўип астында екени мәлим етилди.

Пакистанның бурынғы бас министри Имран Ханның көзи аўыр жарақатланғаны ҳәм ол толық медициналық жәрдем ала алмай атырғаны хабар берилди. The Guardian мағлыўматына бола, ол узақ ўақыт жеке камерада сақланған, ўақтында емленбесе көриў қәбилетине турақлы зыян жеткериўи мүмкин.

Кениялы экоактив теректи 72 саат қушақлап рекорд орнатты

22 жаслы Труфена Мутони теректи үзликсиз 72 саат қушақлап турып, Гиннестиң рекордлар китабына кирди. Ол бул ҳәрекети арқалы қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбиятқа абайлы қатнаста болыўды үгит-нәсиятлады.

Қырғызстан Ҳиндстаннан айырым импортты ўақтынша қадаған етти

Қырғызстан Нипах вирусы қәўпи себепли Ҳиндстаннан айырым ҳайўанлар ҳәм олардың өнимлерин импорт етиўди ўақтынша тоқтатты. Вирус ҳайўанлардан адамға жуғыўы мүмкин болған қәўипли инфекция есапланады ҳәм ҳәзирше оған қарсы вакцина жоқ.

Колумбияда жолаўшы самолёты апатшылығы: 15 адам қайтыс болды

Колумбияда Satena авиакомпаниясына қараслы Beechcraft 1900 самолёты қулаўы ақыбетинде бортта болған барлық 15 жолаўшы ҳәм экипаж ағзалары қайтыс болды. Самолёт Кукутадан Оканияға ушып баратырған болған, апатшылық себеплери үйренилмекте.

Әзербайжанда балалар ушын социаллық тармақларды шеклеў усыныс етилди

Әзербайжан парламенти балалардың социаллық тармақлардан пайдаланыўын тәртипке салыў мәселесин додаламақта. Усынысқа бола, жас өспиримлер ушын руқсат етилген контент ҳәм пайдаланыў қағыйдалары енгизилиўи мүмкин.

Сирия президенти Россия менен әскерий базалар мәселесин додалады

Сирия президенти Аҳмад Аш-Шаръа Москвада Владимир Путин менен ушырасып, Россияның Сириядағы әскерий базалары ҳәм аймақлық қадағалаў мәселелерин додалады. Сондай-ақ, экономикалық бирге ислесиў ҳәм Сирияның аймақлық пүтинлигин тиклеў темаларына итибар қаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги