“Арал” өз қурамын түркменстанлы легионер ҳәм жас чемпион менен күшейтти

9

Өткен жылы футбол бойынша Өзбекстан Про-Лигасында өзиниң әжайып ойынлары менен футбол жанкүйерлерин қуўанышқа бөлеген Нөкистиң «Арал» клубы жаңа мәўсимге өз қурамын күшейтиў мақсетинде пуқта таярлықлар көрмекте.

Атап айтқанда, республикамыздың бас командасына  Түркменстан сайланды командасының ағзасы Вепа Жумаев ҳәм 2023-жылы 20 жасқа шекемги жаслар арасындағы Азия чемпионлығын жеңип алған Жавоҳир Утамуродовлар командамызға келип қосылды. «Арал» клубының дәслепки легионер футболшысы есапланған түркменстанлы Вепа Жумаев өзиниң футболшылық карьерасы даўамында Ашхабадтың «Копетдаг», Беларустьтың «Днепр», «Локомотив», «Энергетик-БГУ», «Славия-Мозырь» ҳәм «Витебск» клубларында ойнаған.  2023-жылдан баслап Түркменстан сайланды командасы ағзасы болған ол бүгинги күнге шекем усы команда қурамында 8 ойында қатнасып, 1 гол урыўға ерискен.

2004-жыл 9-март Әмиўдәрья районында туўылған Жавоҳир Утамуродов болса, өзиниң футболшылық карьерасын Қаршының «Насаф» клубында баслап, соңынан Ташкенттиң «Олимпик»,  Нөкистиң «Арал» ҳәм Беларустың «Витбеск» ҳәм Бухараның «Бухара» клубларында ойнап, мол тәжирийбе топлаған.

Жаңа мәўсимде командамыз намысын қорғайтуғын бул еки футболшы да қорғаўшы болып есапланады. Футбол жанкүйерлери алдағы ўақытлары да командамыздан усындай жақсы жаңалықларды күтип қалады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы