Және еки мыңнан аслам ўатанласларымызға Түркияда жумыс ислеў имканияты жаратылды

34

Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлигиниң басшысы Беҳзод Мусаев Түркияға сапары даўамында түрли ири кәрханалардың ўәкиллери менен ушырасыўлар өткермекте. Сөйлесиўлер даўамында ўатанласларымыз ушын бул мәмлекетте нызамлы мийнет етиў имканиятын жаратыўға қаратылған әҳмийетли келисимлерге ерисилмекте.

Атап айтқанда, “KSK Temizlik” компаниясы менен Анкарада қурылып атырған ири объектке 2026-жыл даўамында 2 500 өзбекстанлы қурылысшыны тартыўға келисип алынды.

Г.Сатторова, ӨзА