Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик және де раўажландырылады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның мирәт етиўине бола 29-январь күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.
Анкара қаласындағы “Эсенбоға” халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм өмирлик жолдасын Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған ҳәм өмирлик жолдасы күтип алды.
Еки мәмлекеттиң байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Мәмлекет басшылары ҳәм биринши ханымлар қысқа ушырасыў өткерди.
Сөйлесиўде Өзбекстан менен Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Буннан соң Түркия Республикасы Президентиниң Анкара қаласындағы Ақсарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысын Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған күтип алды.
Майданда жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдоған минберге көтерилди. Әскерий оркестрдиң атқарыўында еки мәмлекеттиң мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Анкара қаласындағы Президент сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти.
Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары пүткил мусылман үммети ушын муқаддес Рамазан айы кирип киятырғаны менен бир-бирин қызғын қутлықлады.
Өзбекстан – Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын, атап айтқанда, сиясий, саўда-экономикалық, мәдений ҳәм гуманитарлық тараўларда буннан былай да кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Барлық дәрежелердеги жоқары пәт ҳәм жедел сөйлесиўлер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тәреплер жақында болып өткен Стратегиялық режелестириў топарының “4+4” форматындағы ушырасыўының ерисилген нәтийжелерин қоллап-қуўатлады.
Өз-ара товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрханалар, мәмлекетлер арасындағы авиақатнаўлардың саны избе-из өсип бармақта. Турақлы түрде биргеликтеги мәдений илажлар өткерилип келинбекте.
Санаат, аўыл хожалығы, социаллық қорғаў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик тараўында, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында бирге ислесиў ҳәм өз-ара муўапықласыўды беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.
Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.
Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның басшылығында жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң төртинши мәжилиси болып өтти.
Тәреплер бул мәжилис мүбәрек Рамазан айы және еки мәмлекет арасында Мәңги дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғанына 30 жыл толыўы алдында өтип атырғаны рәмзий мәниге ийе екенин атап өтти.
Сиясий сөйлесиў жедел раўажланып атырғаны, халықаралық мәселелер бойынша тәреплердиң позициясы уқсас екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге келисип алынды.
Парламентлераралық байланыслар, соның ишинде, дослық топарлары шеңберинде жеделлести.
Өз-ара саўда көлеми, сондай-ақ, Түркияның жетекши компаниялары менен биргеликтеги кәрхана ҳәм жойбарлардың саны избе-из өсип бармақта.
Келеси жылларда товар алмасыў көлемин, соның ишинде, Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимдеги товарлар дизимин кеңейтиў арқалы 5 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы белгилеп алынды.
Сапарға таярлық шеңберинде өз алдына бағдарлама тийкарында әмелге асырылыўы нәзерде тутылған санаат кооперациясының жаңа тийкарғы бағдарлары ислеп шығылған.
Сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиўдиң үлкен потенциалы атап өтилди. Жылдың ақырына шекем Өзбекстанның барлық ўәлаятларынан делегациялар бирге ислесиўши аймақлар менен жойбарлар портфелин ислеп шығыў мақсетинде Түркияға барады.
Аўыл хожалығы, бағшылық, денсаўлықты сақлаў ҳәм медициналық туризм тараўларында Түркияның алдынғы тәжирийбесин енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Туризм бағдарында байланысларды раўажландырыў, театр фестивальлары ҳәм мәденият ҳәптеликлерин өткериў, тарийхый фильмлерди биргеликте ислеп шығарыў, мәдений мийрас объектлерин биргеликте тиклеўге айрықша итибар қаратылды.
Билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў мақсетинде усы жылы бәҳәрде Бухарада төртинши Ректорлар форумын өткериўге келисип алынды.
Сондай-ақ, Биргеликтеги ҳүкиметлераралық комиссия жәрдемши баслықларының көп қырлы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары бойынша есабатлары тыңланды.
Мәжилис жуўмағында еки мәмлекет ҳүкиметлерине қабыл етилген қарарларды әмелге асырыў бойынша “жол картасы”н тастыйықлаў тапсырылды.
Шавкат Мирзиёев Режеп Таййип Эрдоғанға Өзбекстанға сапар менен келиўди усыныс етти.
Жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң төртинши мәжилисиниң жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған Биргеликтеги билдириў және Кең көлемли стратегиялық шериклик шеңбериндеги бирге ислесиў механизмлери ҳаққындағы қарарға қол қойды.
Буннан тысқары, көп қырлы шерикликтиң ҳәр қыйлы бағдарларын қамтып алған еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойылды. Атап айтқанда:
– денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм әскерий медицина тараўларындағы бирге ислесиў ҳаққында;
– экономикалық ҳәм финанслық бирге ислесиў ҳаққында;
– кәншилик санаатында өз-ара бирге ислесиў ҳаққында;
– халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында;
– арнаўлы экономикалық зоналар тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;
– ядролық қәўипсизлик, физикалық қорғаў, кепилликлер ҳәм радиациялық қорғаў тараўындағы бирге ислесиў ҳәм мәлимлеме алмасыў ҳаққында;
– миграцияға жәрдемлесиў ҳәм пуқараларды өз мәмлекетине қайтарыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;
– Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети ҳәм Түркия Дин ислери басқармасы арасындағы бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисимлер;
– Сыртқы ислер министрликлери арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;
– Өзбекстан Жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги ҳәм Түркия Жоқары билимлендириў кеңеси арасында протокол;
– Мәденият тараўында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў режеси.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған Анкара қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң төртинши мәжилисиниң жуўмақлары бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баянат берди.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында түркиялы кәсиплесине көрсетилген миймандослық ҳәм кеңес шеңбериндеги нәтийжели сөйлесиўлер ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Бүгинги күнде Түркия барлық тараўларда үлкен жетискенликлерге ерисип атырғаны ҳәм тек ғана мусылман дүньясында емес, ал глобаллық көлемде де ҳақылы түрде жоқары ҳүрмет-итибарға ерискени айрықша атап өтилди.
Кейинги жылларда Өзбекстан – Түркия дослық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өткен жылы өз-ара саўда көлеми 3 миллиард доллардан, қоспа кәрханалардың саны болса 2,2 мыңнан артты, өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеми дерлик 10 миллиард долларды қурады.
Еки мәмлекет арасында ҳәптесине 100 ге шамалас авиақатнаўлар әмелге асырылмақта. Түркияның жетекши компанияларының қатнасыўында 9 миллиард долларлық жойбарлар портфели қәлиплестирилген.
Кеңес мәжилислерин турақлы түрде өткериў, Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Стратегиялық режелестириў топары механизмлеринен нәтийжели пайдаланыў ҳаққында қарарлар қабыл етилди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм басқа да абырайлы халықаралық структуралар шеңбериндеги өз-ара қоллап-қуўатлаў әмелияты даўам еттириледи.
Жетекшилер саўда көлемин, соның ишинде, Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим шеңберинде товарлардың түрин кеңейтиў, экономиканың тийкарғы тармақларында санаат кооперациясын беккемлеў арқалы 5 миллиард долларға жеткериўге келисип алды.
Сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық алмасыўларды буннан былай да кеңейтиўге, атап айтқанда, биргеликте театр ҳәм кино ҳәптеликлери, көркем өнер көргизбелерин өткериў және зыярат туризмин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Кеңес мәжилисиниң жуўмақларынан келип шығып, еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша кең көлемли “жол картасы” қабыл етилетуғыны атап өтилди.
Анкара қаласына рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған Ҳатай ўәлаятында елимиз тәрепинен қурылған “Өзбекстан” турақ жай комплексиниң ашылыў мәресиминде қатнасты.
Илажда мәмлекетимиз басшысы үш жыл алдын жүз берген ўайран етиўши жер силкиниў туўысқан түрк халқы ушын аўыр сынақ болғанын атап өтти. Өзбекстан бул қайғылы дәўирдиң дәслепки күнлеринен-ақ Түркияға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсете баслады.
Қысқа ўақытта 100 өзбекстанлы қутқарыўшы ҳәм 70 медицина хызметкери апатшылық жүз берген аймаққа жетип барды. Излеў-қутқарыў жумыслары нәтийжесинде 18 адам қутқарылды, 200 ге шамалас жәбирленгенлер ўайранлар астынан алып шығылды. Дала емлеўханасы 4 мың наўқасқа медициналық жәрдем көрсетти.
Президент Режеп Таййип Эрдоғанның басламасы менен жер силкиниў ақыбетлерин сапластырыў бойынша кең көлемли бағдарламалар әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди. Бүгинги күнге шекем мәмлекетте 455 мыңнан аслам турақ жай қурылды.
Өзбекстан, өз гезегинде, қысқа мүддетлерде Хатай ўәлаятының Арсуз районында 300 ден аслам толық үскенеленген квартира, жәми 24 көп қабатлы жайдан ибарат барлық зәрүр инфраструктураға ие заманагөй турақ жай комплексин қурды.
Түркия Президенти бул комплекс тек ғана жәбирленген шаңарақлар ушын жаңа үй емес, ал өзбек ҳәм түрк халықлары арасындағы мәңги дослықтың айқын үлгиси екенин атап өтти.
Жетекшилер жойбарды әмелге асырыўда қатнасқан қурылысшылар, инженерлер, жумысшылар ҳәм барлық шериклерге шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекет басшылары жаңа квартиралардың гилтлерин олардың иелерине салтанатлы түрде тапсырды.
Сондай-ақ, Президентлер Стамбулдың Бекиркёй районында өзбек мектебиниң қурылысын баслап берди. Бул дәргай Өзбекстанның сырт елдеги биринши билимлендириў мәкемеси болады.
Жаңа оқыў орны Түркияда жасап атырған өзбек шаңарақларының перзентлерине өз ана тилинде билим алыў менен бирге миллий қәдириятлар, мәденият ҳәм дәстүрлерди сақлап қалыў имканиятын береди.
Тәреплер бул мектеп еки туўысқан халық арасындағы байланысларды және де беккемлеўге хызмет ететуғынына, жас әўлад ушын әҳмийетли тәлим-тәрбия орайына айланатуғынына исеним билдирди.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасына рәсмий сапары жуўмақланды.
ӨзА