Түркияда үзликсиз 3 жыл жасап келген өзбекстанлылар 1-марттан баслап ислеў ҳуқықын бериўши руқсатнама алыўы мүмкин

36

Ҳәзирги ўақытта Түркияда болып турған Өзбекстан делегациясының ўәкиллери түрли министрликлер, уйымларда ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер өткермекте. Атап айтқанда, Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлигиниң басшысы Беҳзод Мусаев Түркия Республикасы Мийнет ҳәм социаллық тәмийнат министри Ведат Ишикхан менен ушырасты.


Сөйлесиў даўамында ҳәзирги бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиў, нызамлы ҳәм қорғалған мийнет миграциясын жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған әҳмийетли мәселелер көрип шығылды. Тәреплер бир неше әҳмийетли келисимге еристи. Мәселен, бул туўысқан елде нызамсыз статуста жүрген ўатанласларымызды депортациясыз легалластырыў әмелиятын даўам еттириў, үзликсиз 3 жыл жасап келгенлерге 1-марттан баслап, биринши мәрте жумыс ислеў ҳуқықын беретуғын рухсатнама бериў, Мийнет министрлиги жанындағы “İSKUR” шөлкеми тәрепинен талап жоқары болған кәсиплерди орайластырып, Миграция агентлигине талапнама жибериў сыяқлы мәселелер бойынша Келисимге қол қойыўға келисип алынды.

Г.Сатторова, ӨзА