Өзбекстан ҳәм Түркия биринши ханымлары “Анқара Палас” музейине барды

10

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасына рәсмий сапары шеңберинде мәмлекетимиз Биринши ханымы Зироат Мирзиёева Түркия Биринши ханымы Эмине Эрдоған менен биргеликте “Анқара Палас” музейи менен танысты.

Анқараның тарийхый орайында жайласқан музей дерлик мың квадрат метр майданды ийелеген бир әсирге шамалас тарийхқа ийе архитектуралық имарат болып, Түркияның бай мәдений ҳәм көркем мийрасын сәўлелендиреди.


Музей экспозициясында тоқымашылық үлгилери, фарфор буйымлар, қолжазбалар, дипломатиялық саўғалар, республика тийкарын салыўшысы Мустафа Камол Ататүрктиң жеке буйымлары, сондай-ақ, Османийлер ҳәм республика дәўирине байланыслы затлар көрсетилмекте. Топламда халықларымыздың өз-ара мәдений байланысларынан айқын дерек беретуғын Бухара өнерментлериниң дөретиўшилик үлгилери айрықша орын ийелеген.


Сапар даўамында мийманларға липаслар колекциясы, дәстүрий кестешилик, гүлал ыдысларға нағыс салыў ҳәм қуўыршақ соғыў процесслери көрсетилди. Зироат Мирзиёева мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў әҳмийетли екенлигин атап өтип, түрк халқының бул ўазыйпаға айрықша итибар менен қатнас жасайтуғынын атап өтти.


Сондай-ақ, гуманитарлық бирге ислесиўди және де раўажландырыў еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли бағдары болып қалыўы, халықларымызды жақынластырыўда мәденияттың айрықша орны бар екенлиги атап өтилди.


Соң еки мәмлекеттиң Биринши ханымлары арнаўлы мәресимде қатнасты. Онда мәмлекет басшылары Хатай ўәлаятында Өзбекстан тәрепинен қурылған турақ жай комплексин ашты, сондай-ақ, Стамбулда Өзбекстанның сырт елдеги биринши билимлендириў мәкемеси болатуғын мектеп қурылысына старт берди.


ӨзА