Зергерлик тараўындағы исбилерменлик субъектлериниң саны дерлик 4 есеге көбейген

14

Нызам жойбарына түсиник

Мәмлекетимизде зергерлик санаатын буннан былай да раўажландырыў, республикамызда ислеп шығарылып атырған зергерлик буйымларының сыртқы базарда бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў және зергерлик буйымларының экспортын арттырыўға қаратылған жумыслардың нәтийжесинде зергерлик санаатында сезилерли өсиў бақланбақта.

Атап айтқанда, 2025-жылдың өзинде тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң саны 2 мың 700 ден асты. Яғный, дерлик 4 есеге көбейди. Экспорт көрсеткиши болса 5,1 тоннаға ямаса 439 миллион АҚШ долларына жетти. Бул болса өткен жылға салыстырғанда экспорт көлеми 4,7 есеге артқанын көрсетеди.

Енди баҳалы металлардан таярланған ярым таяр зергерлик буйымларын Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағынан сыртқа алып шығыўда Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик саплылық дәрежесин қадағалаў инспекциясының жуўмағын алыў нәзерде тутылмақта.

Бул болса баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар, олардан таярланған зергерлик ҳәм басқа да буйымлардың нызамсыз айланысын азайтыўға хызмет етеди.

Парламенттиң төменги палатасы тәрепинен қабыл етилген ярым таяр зергерлик буйымларын Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағынан сыртқа алып шығыў тәртибин жетилистириўге қаратылған нызам жойбарында бул мәселелер өз көринисин тапқан.

Усы ҳүжжетке бола, 2029-жыл 1-февральға шекем зергерлик тараўындағы ислеп шығарыўшыларға бир қатар жеңилликлер бериў нәзерде тутылмақта. Яғный, олардың жаратып атырған жумыс орнына қарап, сатып алып атырған қымбат баҳалы металл ҳәм алтын баҳасында (1 проценттен 4 процентке шекем) шегирме берилмекте. Қәнигелердиң атап өтиўинше, ҳеш бир мәмлекетте бундай жеңиллик жоқ.

Бул нызам жойбарында нәзерде тутылып атырған нормалар баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардың айланысы тараўындағы мәмлекетлик сиясатты жетилистириў, жергиликли зергерлик санаатын раўажландырыў және нызамлы жумыс алып барып атырған жергиликли исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.

Муҳтарама Комилова,

 ӨзА