Президент мәмлекетлик стипендиясы: бүгин таңлаўдың республикалық басқышы өткерилмекте

15

Мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың интеллектуаллық потенциалын раўажландырыў және илимий-изертлеў ҳәм дөретиўшилик жумысқа кеңнен тартыў мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Усы мақсетте ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы және белгили мәмлекетлик стипендияларға өткерилетуғын таңлаўлар қәбилетли студентлерди қоллап-қуўатлаў, олардың билим ҳәм көнликпелерин және де тереңлестириўге хызмет етпекте.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, 2025-2026-оқыў жылы ушын магистратура ҳәм бакалавриат студентлери ушын Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм 11 атамадағы мәмлекетлик стипендиялар таңлаўларының республикалық басқышы толық санластырылып, ашық-айдынлық принципи тийкарында өткерилди.

Электрон системада студентлерге алған балларын билиў ҳәм апелляция арзасын бериў имканияты жаратылды.

Атап өтилиўинше, усы жылы мәмлекетлик стипендияларға ажыратылған жәми 933 квотаға 1 мың 706 талабаннан арзалар келип түсти.

Бакалавриат бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясына жәми 180 жоқары оқыў орнының ҳәр бирине 1 квотадан ажыратылған. Соның ишинде, 58 мәмлекетлик емес ҳәм 28 сырт ел жоқары оқыў орынларына да квота берилиўи нәзерде тутылған. Бирақ бул квоталарға 142 талабан ҳүжжет тапсырған. Соннан, усынылған ҳүжжетлеринде кемшилиги болмаған 128 и Арнаўлы комиссияға жиберилген ҳәм Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги тәрепинен өткерилетуғын тест сынақларына қатнасыў ушын усыныс етилген. Өткерилген тест сынақларына 4 талабан түрли себеплерге бола қатнаса алмаған.

Аталы мәмлекетлик стипендияларға жәми 731 квота ажыратылған. Бул квоталарға жәми 1 мың 369 талабан ҳүжжет тапсырған. Соннан, усынылған ҳүжжетлеринде кемшилиги болмаған 1 мың 256 и Арнаўлы комиссияға жиберилген ҳәм көрип шығылған.

Магистратура бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясына ҳәр жылы жәми 22 таңлаў бағдары бойынша 1 квотадан ажыратылады. Быйылғы таңлаўларда 22 таңлаў бағдарына жоқары оқыў орынларынан жәми 195 талабан ҳүжжет тапсырды. Соннан, усынылған ҳүжжетлеринде кемшилиги болмаған 161 и Арнаўлы комиссияға жиберилген ҳәм Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги тәрепинен өткерилетуғын тест сынақларына қатнасыў ушын усыныс етилген. Өткерилген тест сынақларында 7 талабан түрли себеплерге бола қатнаспаған.

Өткерилген тест нәтийжелерине бола, 22 таңлаў бағдары бойынша жәми 61 талабан сәўбетлесиў басқышына усыныс етилди. Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясының республикалық басқышы бүгин, 29-январь күни болып өтпекте.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА