Аутодонорлық тәртиби белгиленди

Донор қаны ҳәм оның қурамлық бөлеклерин зәрүр болғанда, донордың өзине пайдаланыўын гөзлеп тапсырыў (аутодонорлық) тәртиби ҳаққындағы реже мәмлекетлик дизимнен өткерилди (регистрация номери: 3763, 28.01.2026 ж.).
Режеге бола, аутодонорлық донорға аллоген қан (бөтен қан) қуйыўдың имканияты болмаса, донордың қан топары аз ушыраса, донор ямаса оның нызамлы ўәкили аллоген қан (бөтен қан) қуйыўды бийкарласа әмелге асырылады.
Аутодонорлық донордың хирургиялық әмелияты өткерилиўи режелестирилип атырған медициналық мәкемелерде донор ямаса оның нызамлы ўәкилиниң жазба разылығы тийкарында бийпул әмелге асырылады.
Аутодонордан алдын донордың қаны лаборатория тексериўлеринен өткериледи.
Аутодонорлық хирургиялық операциядан алдын (көби менен 30 күн алдын), хирургиялық операцияға таярлық процесинде (1-2 саат алдын), хирургиялық операция даўамында (донор ямаса оның нызамлы ўәкилиниң жазба разылығы алдын ала алынғанда) әмелге асырылады.
Донорда АИВ (АИЖС) инфекциясы, Б ямаса С вирус маркерлери, сифилис кеселлиги және гематокрит көрсеткиши 25 проценттен аз екенлиги анықланса, аутодонорлыққа жол қойылмайды.
М.Қосимова,
ӨзА