Деврим Алкая: “Өзбекстан – түрк-ислам цивилизациясының бесиги, Анадолу болса – бул цивилизация раўажланып, тамыр жайған орай”

Түркияның жергиликли басылымларынан бири – “Малатия Бирлик” газетасында елимизге туризм мақсетинде келген түрк изертлеўшиси Деврим Алкаяның тәсирлери ҳаққында мақала басып шығарылды.
Деврим Алкая сапары ўақтында Өзбекстан ҳәм Анадолу арасындағы беккем тарийхый-мәдений тийкарларға гүўа болғанын атап өтип, ҳәр еки мәмлекеттиң бүгинги күнде де көплеген уқсаслықлары бар екенлигин атап өтеди.
– Өзбекстан ҳәм Анадолу түрк дүньясының еки әҳмийетли көпири болып есапланады. Анадолудағы түрклер ата-бабаларының үлкен бөлеги Орайлық Азиядан, атап айтқанда, ҳәзирги Өзбекстан жеринен көшип келген. Усы көзқарастан, Өзбекстан – түрк-ислам цивилизациясының бесиги, Анадолу болса – бул цивилизация раўажланып, тамыр жайған орай, – деди Деврим Алкая.
Тил ҳәм қәдириятлардағы уқсаслықларға да итибар қаратқан түрк изертлеўшиси өзбек ҳәм түрк тиллери бир тил шаңарағына тийисли болғанлығы себепли “ана”, “әке”, “суў”, “нан”, “жол”, “таў” сыяқлы еки жәмийетте де кеңнен қолланылатуғын сөзлердиң уқсаслығын көресиз, дейди.
Дәстүр ҳәм үрп-әдетлерде де улыўмалық тәреплер көп екенлигин атап өтиў керек. Миймандослық, үлкенлерге ҳүрмет ҳәм беккем шаңарақлық байланыслар еки жәмийеттиң тийкарғы қәдириятларының қатарына киреди. Тойлар, фестивальлар ҳәм дәстүрий үрп-әдетлердеги мәресимлер де дерлик бирдей.
Д.Алкая өз мақаласында өзбек-түрк гастрономиясындағы жақынлыққа да тоқтап өтип, гүришли тағамлар, кебаб ҳәм қамыр аўқатлар еки регионда да әҳмийетли орын ийелейтуғынын айтады. Оның атап өтиўинше, дастурхан әдетлери ҳәм бирге аўқатланыў дәстүри де өзбек ҳәм түрк мәдениятындағы улыўмалық қәдирият болып есапланады.
– Өнерментшилик ҳәм көркем өнер түсиниклеримизде де әжайып уқсаслықлар бар. Гилемшилик, кестешилик, ағаш оймашылығы ҳәм мешит архитектурасында улыўма излерди көриў мүмкин. Айырым өзбек мешитлери ҳәттеки Анадолудағы, әсиресе, Денизли аймағындағы мешитлерге жүдә уқсас, – дейди түркиялы илимпаз.
Мақалада, сондай-ақ, айырым тарийхшылардың “Өзбекстан” атамасының этимологиясы бойынша пикирлерине де итибар қаратылған.
– “Өз” сөзи биз түрклер ушын әҳмийетли болған “Оғуз” атамасын еске түсиреди. Бул талқылаў тарийхый байланысларымызға айрықша мазмун бағышлайды. Соның менен бирге, Анадолудың көплеген аймақларында Хорезм (Хорзум) сыяқлы топонимлердиң бар екенлиги, бүгинги Хорезмде болса Түркияның ўәлаятларынан бири болған Караман (Қараман) атлы аўылдың бар екенлиги тосыннан емес, – дейди илимпаз.
Түркия ҳәм Өзбекстан арасындағы мәдений-гуманитарлық байланысларды буннан былай да беккемлеў зәрүрлигин билдирген илимпаз түркиялы газета оқыўшыларын ата журтқа шақырып, “әлбетте, барып көриң.Ўзбекистонда Анадолу, Анадолуда болса Өзбекстан бар екениниң гүўасы боласыз ” деп жуўмақлайды мақаланың соңында.
ӨзА