Дөретиўшилер Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайында болды

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң идеясы ҳәм басламасы тийкарында пайтахтымызда қурылған Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайы Ўатанымыздың бай өтмиши, уллы ата-бабаларымыздың мийрасы, муқаддес Ислам дининиң ағартыўшылық ҳәм тынышлықты сүйиўши идеяларын өзинде жәмлеген теберик орын болып есапланады. Бул орайды көриў – таңланыў, ҳәўес, мақтаныш сезимлерин жүректен өткериў, мүнәсиплик жуўапкершилигин аңлаў, дегени.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, “Жаңа Өзбекстан” баспасы редакциясының ўәкиллери, устаз жазыўшы ҳәм шайырлар, әдебияттаныўшы илимпазлар, аўдармашылар, миллий сөз көркем өнеримиздиң жанкүйерлери, журналистлер бул уллы дәргайға барды.

Ташкент қаласында терең илимий-ағартыўшылық жуўмақлар тийкарында бой тиклеген бул орай елимиз тарийхының гейде даңқлы, гейде сынақлы дәўирлерин, Ислам дининиң бийбаҳа қәдир-қымбатын, әсирлер даўамында инсаниятты таң қалдырып киятырған Қураны кәримниң тарийхын, оның әжайып, ҳикметли өзгешеликлерин терең аңлаўда өзине тән әҳмийетке ийе болмақта.
Бул саўлатлы орайдың бой тиклеўинде мыңлаған қурылысшылар, дөретиўшилер, инженерлер, илимпазлар, динтаныўшылар, өнермент ҳәм сүўретшилер, дизайнерлер, китапханашылар, музейтаныўшылар, экспертлердиң машақатлы ҳәм пидәкерлик мийнетлери жәмленген. Жүзлеген тәкирарланбас илимий-ағартыўшылық, инновациялық жойбарлар бул орайдың усындай тартымлы, саўлатлы, билимлер ғәзийнесине айланыўында айрықша әҳмийетке ийе болды.

Ислам цивилизациясы орайы бизлердиң кимлердиң әўладлары екенимизди және де терең аңлаў имканиятын беретуғыны менен оғада қәдирли. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң “Ислам цивилизациясы орайы тек ғана ата-бабаларымыздың мийрасын үйрениў орны емес, ал жаслар илимий-изертлеў жумысында тиккелей қатнасатуғын белсенди илимий-ағартыўшылық мәкемеге айланыўы керек,” деген сөзлери орайдың экспозиция заллары үстинде жумыс алып барған үлкен илимий жәмәәттиң тийкарғы сүрени болды.
– Көбинесе сырт елли мийманлар бул жерге келип таңланады ҳәм оның тартымлылығы, сыры неде екени ҳаққында ойланады, – деди Ислам цивилизациясы орайының басшысы, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист Фирдавс Абдухолиқов. – Оларға айтаман, дүньяның көплеген жетекши мәмлекетлериндеги усындай илимий дәргайлар, музейлерде қанды көресиз, Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайында болса ағартыўшылықты көресиз, деп. Президентимиздиң авторлық идеялары болған бул мега жойбар муқаддес ислам дининиң ағартыўшылық, жақсылық, кеңпейиллик, билимге умтылыўшы идеяларын көрсетиўге қаратылғаны менен халықаралық көлемде де кең жәмийетшиликтиң итибарын тартпақта.

– Бүгинги оғада қыйын ҳәм сынақлы дәўирде жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық ең тийкарғы қурал екени барған сайын айқын болып бармақта, – деди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид. – Мәмлекетимиз басшысының идеясы менен қурылған бул орай муқаддес ислам дининиң жақсы ҳәм ағартыўшылық идеяларын, ата-бабаларымыздың бай мийрасын терең аңлаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Орайдың музей комплекси экспозициясы бир неше тарийхый залларды өз ишине алады. “Қураны кәрим залы,” “Исламға шекемги цивилизациялар,” “Биринши Ренессанс,” “Екинши Ренессанс,” “Өзбек ханлықлары дәўири,” “XX әсирде Өзбекстан,” “Жаңа Өзбекстан – Жаңа Ренессанс” сыяқлы заллар, баҳалы экспозициялар, тарийхый дәреклер устаз жазыўшы ҳәм шайырлар, журналистлер, руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшыларында үлкен тәсир қалдырды.
Назокат Усмонова, ӨзА