Өзбекстан-Пакистан “ақыл орайлары” экспертлери бирге ислесиўди беккемлеў жолларын додалады

2026-жыл 29-январь күни “Өзбекстан – Пакистан: өзгерип атырған дүньяда стратегиялық шериклик, өз-ара байланыслылық ҳәм турақлы раўажланыў” темасында онлайн конференция болып өтеди.
Бул конференция Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Пакистан Ислам Республикасына болажақ сапарына бағышланған.
Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Исламабад регионаллық изертлеўлер институты тәрепинен шөлкемлестириледи. Әнжуманда еки мәмлекеттиң мәмлекетлик уйымлары, жетекши таллаў орайлары, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери қатнасады.
Қатнасыўшылар Өзбекстан-Пакистан бирге ислесиўиниң перспективаларын додалайды. Илаж даўамында сиясий сөйлесиўди беккемлеў, экономикалық байланыслар ҳәм санаат бирге ислесиўин кеңейтиў, транспорт ҳәм логистика инфраструктурасын раўажландырыў, сондай-ақ, инсан капиталын қәлиплестириў тараўындағы басламаларға айрықша итибар қаратылады.
Еки тәреплеме шерикликке жаңа пәт бағышлайтуғын ҳәм мәмлекетлеримиздиң биргеликтеги раўажланыў потенциалын жүзеге шығаратуғын әмелий усынысларды ислеп шығыўға тийкарғы әҳмийет қаратылады. Усыныслар болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерге таярлық көриў ҳәм олардың мазмунына салмақлы үлес қосыўы күтилмекте.
ӨзА