Өзбекстан Президенти рәсмий сапар менен Түркияда болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның мирәт етиўине бола 29-январь күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.
Сапардың бағдарламасына муўапық, Анкара қаласында еки мәмлекет басшыларының басшылығында Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң төртинши мәжилисин өткериў режелестирилген.
Сөйлесиўлерде Өзбекстан – Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў мәселелери дыққат орайында болады.
Сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, товар алмасыўды арттырыў, тийкарғы экономикалық тармақларда кооперация жойбарларын алға қойыў ҳәм транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеўге айрықша итибар қаратылады.
Сондай-ақ, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў мәселелери де көрип шығылады. Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысылады.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойыў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, еки мәмлекет жетекшилери бир қатар биргеликтеги илажларға қатнасады.
ӨзА