Қарақалпақстан медицина институтына заманагөй  хирургиялық үскенелер алып келинди

5

JICA Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң грант бағдарламасы шеңберинде заманагөй хирургиялық үскенелер алып келинди

Жойбар шеңберинде институтқа алып келинген үскенелердиң улыўма баҳасы 2,1 миллион АҚШ доллары болып, заманагөй медицинаның әҳмийетли бағдарлары бойынша операция ҳәм диагностика өткериў ушын жоқары технологиялы медициналық хызметлерде пайдаланылады.

Үскенелер қурамалы медициналық араласыўларды жоқары анықлықта ҳәм минимал жарақатлылықта әмелге асырыў имканиятын беретуғын нейроэндоскопия, лапароскопия (соның ишинде, балалар хирургиясы ушын), эндоурология ҳәм эндоскопиялық ЛОР-хирургия системаларын өз ишине алады.

Бул жойбардың әмелге асырылыўы Қарақалпақстанның  денсаўлықты сақлаў системасының имканиятларын күшейтиўге жәрдем береди. Минимал инвазив технологиялардан пайдаланыў асқыныўлар қәўпин азайтыў, қан жоғалтыўды азайтыў ҳәм наўқаслардың тиклениў мүддетин қысқартыў имканиятын береди.

Әсиресе, аўыр ҳәм қыстаўлы патологияларға шалынған балалар ҳәм наўқасларды заманагөй емлеў усылларынан пайдаланыў имканиятын кеңейтиў айрықша әҳмийетке ийе. Жойбар халықаралық емлеў стандартларын енгизиў, медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, наўқасларды аймақтан тысқарыға жибериў зәрүрлигин азайтыў, орынларда сапалы ҳәм өз ўақтында медициналық жәрдем көрсетиўге хызмет етеди.

                                                                  Қарақалпақстан хабар агенлиги