Өзбекстан Президенти «Росатом» корпорациясы бас директорын қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “Росатом” атом энергиясы бойынша мәмлекетлик корпорациясы бас директоры Алексей Лихачёвты қабыллады.
Мәмлекетимизде интеграцияласқан атом электр станциясын қурыў жойбарын иске асырыўдың әмелий тәреплери, сондай-ақ, атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Өткен жылдың октябрь айында биринши аз қуўатлылықтағы реактор имараты ушын тырнақ тасын қойыў жумыслары басланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Электр станцияны жойбарластырыў жумыслары даўам етпекте.
Буннан тысқары, өткен жылы “МИФИ” миллий изертлеў ядро университетиниң Ташкенттеги филиалы негизинде атом энергетикасы ҳәм ядро технологиялары бойынша алдыңғы инженерлик мектеби иске қосылды.

Сондай-ақ, аўыл хожалығы ҳәм медицинада ядро технологияларын қолланыў, тараўда маман кадрларды таярлаў, илимди раўажландырыў ҳәм социаллық жойбарларды әмелге асырыў бағдарында бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

ӨзА