Усы жылдан баслап нарко экспресс-тестлерден ғалабалық пайдаланыўға өтиў белгиленди

6

Өткен жылы пайтахтта 1,5 мыңнан аслам нәшебентлер рәсмий дизимге алынған. Ең ашынарлысы, “саяда” болған нәшебентлердиң саны буннан да көп. Олардың көпшилиги жаслар.

Олар наркотик ушын айына орташа 20-25 миллион сум жумсамақта. Нәшебент пул табыў мақсетинде жынаятқа қол урыўы тәбийғый. Өткен жылы республика бойынша 64 шахс нәшебентлик тәсиринде жынаят ислеген, олардың үштен биреўи Ташкент қаласына туўра келеди.

Усы жылдан баслап нарко экспресс-тестлерден ғалабалық пайдаланыўға өтиў белгиленди.

Нәшебентликке төзимсизлик орталығын қәлиплестириў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрликлеринде басшының айрықша орынбасары болады.

Ҳәким, жоқары оқыў орныныӊ ректоры, техникум ҳәм мектеп директорының орынбасарларынан бири бул бағдарға жуўапкер етип белгиленеди.

Нәшебентлерди емлеўге кеминде төрт ай ўақыт талап етиледи. Жуўапкерлерге жеке меншик шериклик тийкарында халыққа наркологиялық хызмет көрсетиў бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды.

ӨзА