Патруль-пост, жол-патруль, қорғаў ҳәм профилактика хызметлери күни-түни үш сменалы хызмет режимине өтеди

Президентимиз жаңа системаны Чиланзар районы мысалында түсиндирип берди.
Өткен жылы районда алдын алыў мүмкин болған 1 мың 407 жынаят жүз берген. Олардың 40 проценти мәҳәлле аймағында болған. Ямаса урлық, тонаўшылық, дене жарақаты, бийзарылық сыяқлы жынаятлар тийкарынан түнде исленбекте.
Сол себепли, жәмийетлик қәўипсизлик күш-қуралларын басқарыў жаңаша шөлкемлестириледи.
Патруль-пост, жол-патруль, қорғаў ҳәм профилактика хызметлери күни-түни үш сменали хызмет режимине өтеди ҳәм 70 проценти саат 17 ден түнги 3 ке шекем патрульлик қылады. Патруль топарлары ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар келгенде, ўақыя орнына 5 минут ишинде жетип келетуғын система болады.
Райондағы 5 ишки ислер бөлими баслығының орынбасарлары түнги хызметти тиккелей мәҳәллелерде шөлкемлестиреди. Олар түнде өз басшыларына берилген барлық ўәкилликке ийе болады, еркин қарар қабыл етеди ҳәм жуўапкершиликти де толық өз мойнына алады.
Буннан былай районлық ишки ислер жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары ҳәм 5 ишки ислер бөлими баслығының орынбасарлары басқа жумысларға улыўма тартылмайды. Олардың жумысы тек ғана министрдиң буйрығы менен тәртипке салынады.
ӨзА