Ташкент қаласында қәўипсиз орталықты жаратыў бойынша “пайтахт үлгиси” енгизиледи

31

Ташкент қаласы мысалында айтылған барлық мәселелер пүткил республика ҳуқық қорғаў уйымларына бирдей тийисли екени атап өтилди.

Жуўапкер уйымлар шөлкемлескен жынаятшылық, наркожынаятшылық, кибержынаятшылық ҳәм жасырын экономика бойынша тәртипке салыўды қолға алып, хызметкерлериниң көзқарасын өзгертсе, оларды жаңаша ислеўге үйретсе, сонда нәтийже болатуғыны көрсетип өтилди.

Соның ушын бул 4 бағдар бойынша пүткиллей жаңа система жаратылып, биринши гезекте Ташкент қаласында басланады.

Ташкент қаласында қәўипсиз орталықты жаратыў бойынша “пайтахт үлгиси” енгизиледи. Ҳәр бир министр бир районға бириктириледи. Мәселениң әҳмийетлилигин есапқа алып, Президент Администрациясының ўәкили де бир районға бириктириледи.

Ҳуқық-қорғаў жоқары оқыў орынлары төмендеги машқалаларды илим менен шешеди ҳәм методикалық усынысын районда енгизеди. Жоқары оқыў орны кафедралары алты ай даўамында мәҳәллеге түсип, “мәҳәлле жетилиги” ҳәм ҳуқық қорғаў хызметкерлерин бирден-бир бағдарлама бойынша оқытады.

Ҳуқық-қорғаў жоқары оқыў орынларының 3-4-курс студентлери де дуал билимлендириў тийкарында профилактика ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў хызметлеринде әмелият өтейди.

Жаңа система тийкарында қәўипсиз орталық пайтахтқа тутас болған ҳәм криминоген жағдайға тәсир көрсететуғын Зангиата, Қибрай ҳәм Ташкент районларында да жаратылады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

ӨзА