Мәмлекеттиң ҳәр бир сумы бойынша тәсиршең қадағалаў орнатылады. Жуўапкершилик сөзсиз, жаза қатты болады – Президент

19

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

– Билип қойыңлар, мәмлекеттиң ҳәр бир сумы бойынша тәсиршең қадағалаў орнатылады. Жуўапкершилик сөзсиз, жаза қатты болады, – деди Президентимиз.

Сонлықтан, жақында Администрация ҳәм мәмлекетлик уйымларда комплаенс ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системасы жолға қойылды.

Қысқа мүддетте бюджетке түсим, талан-таражлық, финанслық кемшиликлер бойынша 53 триллион сум ҳәм сыртқы саўда операциясында 8 миллиард доллардан аслам қарыздарлықтың анықланғаны оғада аянышлы жағдай екени атап өтилди.

Коррупциялық схемалар бойынша 4,2 триллион сум зыян анықланып, 1,3 триллион сум өндирилди, 55 шахс қамаққа алынды.

Мысалы, Ишки ислер министрлиги системасында мәмлекетлик сатып алыўларда 186 миллиард сум бюджет қаржысы өзлестирилгени анықланып, министрдиң орынбасары Б.Абдуллаевқа ҳәм департамент баслығы Р.Турсуновқа жынаят иси қозғатылды.

Улыўма, мәмлекетлик уйымлар ҳәм кәрханаларда қәўипсизлик ушын жуўапкерлердиң жумысын да сын көзқарастан қайта көрип шығыў ўақты келгени атап өтилди.

– Бизге жоқары кәсиплик компетенцияларға ийе, талапшаң жас басшылар корпусы керек,-деди Президентимиз.

Ҳуқық қорғаў системасында хызмет өтеў шегарасы полковниклер ушын 55 жас, генераллар ушын 60 жас болса да, ҳәзир бул жастан асқан 300 ден аслам хызметкер басшылық лаўазымында ислеп атырғаны көрсетип өтилди. Айрықша жағдайлар министрлиги системасында басшы кадрлардың барлығының жасы 50 жастан киши.

Басшылыққа жас кадрларды қойыў, пенсия жасындағылардың тәжирийбесинен устаз ҳәм муғаллим сыпатында пайдаланыў ямаса мәҳәлледе жасларға устазлық ететуғын система жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА