Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги директоры А.Ортиқов жумыстан босатылды

Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги ўақытта “Өзбекнефтьгаз” АЖ ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигинде үлкен тексериў болып атырғаны, миллиард-миллиард сумлық талан-таражлықлар анықланғанын мәлим етти.
Мысал ушын, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң лаўазымлы шахслары базар баҳасы кеминде 250 миллиард сумлық жер участкасын жабық аукционға шығарып, 120 миллиард сумға сатып жиберген.
Сол себепли, кеше агентлик директоры А.Ортиқов жумыстан босатылды.
– Ҳақылы сораў туўылады. Бул уйымларда жыллар даўамында коррупция ҳәўиж алған болса, қәўипсизлик мәселелери ушын жуўапкерлер қайда қараған, – деди Президентимиз.
МҚХ баслығына “Өзбекнефтьгаз” АЖ ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ушын жуўапкер хызметкерлердиң жуўапкершилигин көрип шығыў тапсырылды.
Комплаенс хызмети, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметине Мәмлекетлик активлер агентлигиниң лаўазымлы шахсларына қозғатылған жынаят иси тергеў топарына Қәўипсизлик хызметиниң экономикалық мәселелерге жуўапкер структураларынан да қәнигелерди тартыў тапсырылды.
– Сатылған мәмлекетлик мүлклер бойынша ҳәр бир жағдайды пуқта тексерип, барлық коррупциялық схемаларды әшкараласын ҳәм жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлесин,-деди мәмлекетимиз басшысы.
ӨзА