Ташкент қаласындағы барлық районлық салық инспекцияларының баслықларын жумыстан алып, ўазыйпасын атқарыўшы етип қойыў тапсырылды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Шайхонтоҳур районы салық инспекциясының баслығы Х.Муллажонов ҳәм Ташкент қалалық салық басқармасының баслығы Й.Насимджановты жумыстан босатыў, жумысын үйренип, нызам үстинлигин тәмийинлеў тапсырылды.
Салық комитетиниң баслығына Ташкент қаласындағы барлық районлық салық инспекцияларының баслықларын жумыстан алып, ўазыйпасын атқарыўшы етип қойыў тапсырылды.
Комитет баслығы Ф.Пўлатов ҳәм комитетке тайынланған комплаенс бойынша жаңа орынбасар А.Солиевқа коррупцияға маўасасыз орталықты жаратыў, Ташкент қаласы салық басшыларының лаўазымға ылайықлығын көрип шығып, олардың орнын ўатансүйгиш, жаңалыққа умтылып ислейтуғын күш-ғайратлы жаслар менен толықтырыў ўазыйпасы қойылды.
Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң қалалық басқармасы баслығының орынбасары А.Ғаниев “исбилермен”лерге салықтан қашыўда жол көрсетип жүргени ушын оны бүгин-ақ жумыстан босатыў тапсырылды.
А.Солиев ҳәм Ташкент қаласы ҳәкиминиң комплаенс бойынша орынбасары етип тайынланған М.Мирҳамидов пайтахтта жасырын экономикаға қарсы маўасасыз орталық жаратыўға жуўапкер болатуғыны белгиленди.
ӨзА